Елимиз экономикасының жедел өсиўи, санаат өндирисиниң ҳәм сыртқы саўда
көлеминиң кеңейиўи транспорт инфраструктурасын избе-из раўажландырыўды талап
етпекте. Өзбекстанды Тыныш океанынан Европаға шекемги ең қысқа қурғақлық
коридорының тийкарғы буўынына айландырыў, халықаралық базарларға шығыў
имканиятларын кеңейтиў бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалардан болып есапланады.
2030-жылға шекем транспорт хызметлериниң көлемин еки есеге арттырыў,
тараўға 9,1 миллиард долларлық инвестиция тартыў ҳәм хызметлер экспортын 5,7
миллиард долларға жеткериў режелестирилген. Презентацияда усы мақсетлерге
ерисиў ушын әмелге асырылып атырған инфраструктуралық жойбарлар, олардың
мүддетлери ҳәм шешилиўи керек болған мәселелер көрип шығылды.
Бәринен бурын, аэропортлардың қурылысы ҳәм модернизациясы бойынша
мәлимлеме берилди.
Ташкент ҳәм
Бухарада улыўма баҳасы дерлик 3 миллиард доллар болған жаңа аэропорт
комплекслерин қурыў жумыслары алып барылмақта. Жаңа Ташкент халықаралық
аэропорты дәслепки басқышта жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиўге
мөлшерленген. Жойбар шеңберинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимлерине
қол қойылып, аймақты қурылысқа таярлаў ҳәм инженерлик тармақларын көшириў
жумыслары әмелге асырылмақта.
Жаңа Бухара
халықаралық аэропортында аэродром инфраструктурасы қурылмақта. Жолаўшы
терминалын қурыў ҳәм басқарыўға жеке меншик шерикти тартыў бойынша халықаралық
тендер өткерилмекте.
Сондай-ақ,
Үргенш, Наманган аэропортларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында,
Әндижан аэропортын жеке меншик операторды тартқан ҳалда модернизациялаў
жойбарларының барысы көрип шығылды. Нәтийжеде аэропортлардың өткериўшеңлиги
артып, жолаўшыларға халықаралық стандартлар тийкарында хызмет көрсетиў
имканиятлары кеңейеди.
Автомобиль
жоллары инфраструктурасын раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Өткен айда баҳасы
2,2 миллиард доллар болған Ташкент – Самарқанд төлемли автомобиль жолының
қурылысына старт берилди. Үргенш ҳәм Хийўа қалаларын байланыстырыўшы биринши
төлемли жол иске қосылды.
Презентацияда
Ташкент – Самарқанд жойбарының кейинги басқышларын қаржыландырыў, Ташкент –
Әндижан ҳәм Ташкент – Бостанлық төлемли жоллары бойынша инвесторларды анықлаў
ҳәм әмелий жумысларды баслаўға байланыслы мәселелер додаланды.
Темир жол
тармағының өткериўшеңлигин арттырыў бойынша усыныслар берилди.
Бүгинги күнде
тийкарғы транзит жөнелислериндеги бир қатар темир жол участкалары жоқары
жүклеме менен ислемекте. Санаат жүклери көлеминиң артыўы ҳәм жаңа жоқары
тезликтеги поездлардың қатнаўының жолға қойылыўы бар инфраструктураға талапты
және де арттырады.
Сол себепли,
Мақтаарал – Сырдәрья, Ангрен – Поп, Ташгүзар – Байсын – Қумқорған, Ташкент –
Самарқанд ҳәм Тоқымашы – Ангрен жөнелислерин модернизациялаў илажлары көрип
шығылды. Бул жумысларға 200 миллион доллар қаратыў есабынан участкалардың
өткериўшеңлигин 25-30 процентке арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
“Қытай –
Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылысы, Ташкент – Самарқанд жөнелисинде
айрықша жоқары тезликтеги темир жолды қурыў, аймақлардағы темир жол тармақларын
кеңейтиў ҳәм электрлестириў жойбарлары бойынша мәлимлеме берилди. Жүк
вагонлары паркин жаңалаў, бул процесске жеке меншик секторды кеңнен тартыў
усыныслары да додаланды.
Халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм
теңиз портлары арқалы дүня базарларына шығыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери
айрықша көрип шығылды.
Каспий теңизиндеги Ақтаў, Түркменбашы ҳәм Баку, Қара
теңиздеги Поти ҳәм Анаклия портларында Өзбекстанның қатнасыўында логистика
инфраструктурасын жаратыў бойынша алып барылып атырған жумыслар таныстырылды.
Атап айтқанда, Поти портында логистика орайын шөлкемлестириў бойынша келисимге
қол қойылған, жойбардың техникалық-экономикалық тийкарлары ислеп шығылмақта.
Анаклия портын раўажландырыўда, сондай-ақ, Түркияның Самсун ҳәм Стамбул
портларына шығыўға хызмет ететуғын Нахичеван темир жолының қурылысында қатнасыў
имканиятлары үйренилмекте.
Бул жойбарлар тоқымашылық, химия, аўыл хожалығы ҳәм
кән-металлургия өнимлерин сыртқы базарларға жеткерип бериў бағдарларын
диверсификациялаўға хызмет етеди.
Халықаралық коридорлардан нәтийжели пайдаланыў ушын
елимиздеги логистика орайлары тармағын да кеңейтиў зәрүр екенлиги билдирилди.
Ханабад ҳәм Ангрен қалалары, Янгийўл, Аҳангаран, Алат
ҳәм Термиз районларын транспорт-логистикаға қәнигелестириў бойынша берилген
тапсырмалардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берилди. Ташкент қаласы, Ташкент,
Әндижан, Сурхандәрья ҳәм Бухара ўәлаятларында жәми 17 логистика орайы ҳәм
терминал жойбарын әмелге асырыў нәзерде тутылған. Оларды жайластырыў,
инвесторларды тартыў, қаржыландырыў ҳәм зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў
мәселелери додаланды.
Презентацияда жүк тасыўларды санластырыў ҳәм тараўда
жасырын экономиканы қысқартыўға айрықша итибар қаратылды.
Жүк тасыў тараўында бақланбайтуғын экономиканың үлеси
еле де 42 проценттен жоқары екени көрсетип өтилди. Жергиликли жүк транспортларының
бирден-бир реестри, электрон буйыртпаларды қәлиплестириў ҳәм барлық транспорт
хызметлерин бирлестиретуғын электрон системаның жоқ екенлиги бул бағдардағы
тийкарғы машқалалардан болып есапланады.
Сонлықтан, бирден-бир санлы транспорт системасын жаратыў,
тасыўшылар реестрин қәлиплестириў, электрон жол қағазы ҳәм буйыртпаларды қабыл
ететуғын агрегатор хызметин енгизиў усыныс етилди. Халықаралық тасыўларда
электрон руқсатнамалар алмасыўын кеңейтиў ҳәм жүк ҳәрекетин реал ўақытта бақлаў
имканиятларын жолға қойыў илажлары да көрип шығылды.
Бул арқалы тасыўшылар ушын қолайлық жаратыў, рәсмий
емес хызметлерди нызамлы жумысқа өткериў ҳәм тараўда ашық-айдынлықты арттырыў
нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған жойбарлардың
мүддетлери, қаржыландырыў дереклери ҳәм күтилип атырған нәтийжелерин анық
белгилеп, оларды өз-ара үйлестирилген ҳалда әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин
атап өтти. Жуўапкерлерге додаланған мәселелер бойынша тийисли тапсырмалар
берилди.