2027-жыл 10-январьдан күшке киретуғын жаңа тәртипке бола, қарыйдардың разылығысыз кредит ямаса кепиллик төлемлерин өндириўде банклер қарыйдардың банк картасында ең кеминде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының ярымына тең қаржыны (бүгинги күнде 680 мың сум) сақлап қалыўы шәрт.
Бул талап пуқаралардың ең зәрүр күнделикли талаплары ушын қаржысыз қалыўының алдын алыў ҳәм банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаўға қаратылған.