Соннан келип шығып, Бәсеки комитети бул әмелиятты қайта көрип шығыў усынысы менен Орайлық банкке мүрәжат етти.
Атап өтилиўинше, Комитетке келип түскен мүрәжатларда айырым банклерде кредит төлемлерин есаплаў ҳәм артықша қаржыларды бөлистириўге байланыслы машқалалар көтерилген.
Соның ишинде, "Өзсанаатқурылысбанк" ҳәм "Ҳамкорбанк"тиң кредит шәртнамаларында артықша төлемлерди тийкарғы қарызға қаратыў миннетлемеси белгиленген болса да, әмелде бул талап орынланбай атырғаны ҳаққында мағлыўматлар келип түскен. Артықша қаржылар транзит есапбетлерде қалып кетиўи, тийкарғы қарызға болса процент есапланыўда даўам етиўи мүмкин. Сондай-ақ, банклердиң мобиль қосымшаларында кредит төлемлерин басқарыў имканиятлары жетерли емеслиги атап өтилген.
Бәсеки комитети атап өтиўинше, "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызам талапларына бола, тутыныўшылардың ҳуқықларына әмел етилиўи керек.
Банк хызметлери тутыныўшылары менен қатнасықларға байланыслы режениң 37-бәнтине муўапық, егер шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, айлық төлемнен артық түскен қаржы тийкарғы қарызды сөндириўге қаратылыўы ҳәм кредит суммасы қайта есапланыўы керек. Банк программалық тәмийнатындағы насазлықлар болса тутыныўшының миннетлемелериниң артыўына себеп болмаўы керек.
Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм кредит төлемлерин өз ўақтында әмелге асыратуғын қарыйдарлардың мәплерин тәмийинлеў мақсетинде төмендеги усыныслар алға қойылды:
әмелдеги тәртипти ҳәм сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, банк хызметлери тутыныўшылары менен қатнасықларға байланыслы режениң артықша төлемлерди тийкарғы қарызға қаратыў тәртибин белгилейтуғын 37-бәнтти тутыныўшылардың мәплеринен келип шығып қайта көрип шығыў;
кредит есап-санақлары, соның ишинде, кредитти мүддетинен алдын төлеў шәртлерин "Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында"ғы Нызам арқалы тәртипке салыў.
Сырт мәмлекетлерде бул мәселе қалай шешиледи?
Комитет берген мағлыўматларға бола, айырым мәмлекетлерде кредитти мүддетинен алдын төлеў ҳәм артықша төлемлерди тийкарғы қарызға қаратыў бойынша ҳәр қыйлы механизмлер бар.
Мәселен, АҚШтың айырым банклеринде қарыйдар мобиль қосымша арқалы "Принципал Онлй" — "тек тийкарғы қарыз ушын" функциясын таңлап, артықша қаржыны тиккелей тийкарғы қарызды азайтыўға бағдарлаўы мүмкин.
Россияда тутыныў кредитин мүддетинен алдын төлеў ушын қосымша ҳақы алыў нәзерде тутылмаған. Қазақстанда кредитти мүддетинен алдын жәриймаларсыз сөндириў мүмкин. Бир бөлегин сөндириўде болса банк пенен келисилген ҳалда айлық төлем муғдары азайтылады ямаса кредит мүддети қысқартылады.
Европа Аўқамында да кредитти мүддетинен алдын қайтарыўда қалған мүддетке тийисли процентлер ҳәм қәрежетлерди кемейтиў ҳуқықы белгиленген. Бул тәртип 2008/48/ЭС ҳәм 2014/17/ЭУ директиваларында нәзерде тутылған.
Комитеттиң усыныслары кредит төлемлерин есаплаўдағы машқалаларды сапластырыў, артықша төлемлердиң өз ўақтында тийкарғы қарызға қаратылыўын тәмийинлеў ҳәм тутыныўшылардың мәплерин қорғаўға қаратылған.