Усы пәрман менен бүгиннен баслап экономиканың бир қатар әҳмийетли бағдарларында есап-санақларды нақ пулсыз түрге өткериў әмелияты кеңнен енгизилмекте.

Соның ишинде, мәмлекетлик хызметлер, электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўы ушын төлемлер, спиртли ишимликлер ҳәм темеки өнимлериниң саўдасы, жанылғы қуйыў шақапшалары ҳәм электр транспортларын зарядлаў хызметлери, баҳасы 25 миллион сумнан асатуғын товар ҳәм хызметлер, сондай-ақ, көшпес мүлк объектлери ҳәм айырым категориядағы транспорт қуралларының алды-саттысы нақ пулсыз түрде әмелге асырылады. Бул өзгерислер экономикалық қатнасықларды тәртипке салыў, финанслық ағымларды қадағалаў ҳәм оларды және де ашықластырыўға хызмет етеди.

Орайлық банк баслығының биринши орынбасары Нодирбек Сайдуллаевтың атап өтиўинше, жанылғы қуйыў шақапшаларында хызмет көрсетиў процесинде тийкарғы мақсет - пуқаралардың төлем усылы себепли хызметтен пайдалана алмай қалыўының алдын алыўдан ибарат. Оның сөзлерине бола, ҳәттеки автомобиль ийесинде карта болмаған ямаса есабында қаржы жетерли болмаған жағдайларда да қарыйдар өз жумысын жуўмағына жеткериўи ушын зәрүр шараят жаратылмақта.

Нақ пул айланысының жоқары үлеси көбинесе жасырын экономиканың кеңейиўине себеп болады. Себеби нақ пул арқалы әмелге асырылатуғын операцияларды толық қадағалаў қыйын. Бул болса рәсмий емес экономикалық жумысқа кең жол ашады. Сол себепли нақ пулсыз есап-санақларды кеңнен енгизиў мәмлекет ушын технологиялық жаңаланыў менен бирге стратегиялық экономикалық реформа сыпатында айрықша әҳмийетке ийе.

Әсиресе, ири финанслық операциялардың банк системасы арқалы әмелге асырылыўы финанслық тәртипти беккемлейди, салық түсимлерин арттырады ҳәм нызамсыз операцияларды кескин азайтады. Бул, өз гезегинде, мәмлекетлик бюджеттиң турақлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Статистикалық мағлыўматлар халықтың санлы системаға тез бейимлесип атырғанын көрсетпекте. Соның ишинде, 2025-жылы транспорт тараўында 692 миллион транзакция әмелге асырылған болып, бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 36 процентке артқан. Транспорт карталары арқалы әмелге асырылған 213 миллион транзакция ҳәм бул бағдардағы 52 процентлик өсиў көрсеткиши нақ пулсыз төлем қураллары күнделикли турмыстың ажыралмас бөлегине айланып атырғанын көрсетеди.

Ең әҳмийетлиси, мобил қосымшалар ҳәм виртуал карталар арқалы төлем муғдарының 234 процентке артқаны. Бул санлы технологиялар халық арасында жедел пәт пенен ғалаба ен жайып атырғаны ҳәм финанслық хызметлерден пайдаланыў мәденияты жоқарылап атырғанын аңлатады.

Ташкент қаласы жәмийетлик транспорты мысалында бул процесс және де айқын көринеди. Бир жыл даўамында түсимлердиң 644 миллиард сумға жеткени, жолаўшылар санының 206 миллионға шыққаны ҳәм транзакциялар көлеминиң кескин артқаны системаның нәтийжелилигин тастыйықлайды. Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислер халық ушын үлкен қолайсызлықлар келтирип шығармады, керисинше, хызметлерден пайдаланыўды жеңиллестирди.

Көшпес мүлк ҳәм транспорт қураллары бойынша келисимлерди нақ пулсыз түрге өткериў болса экономикада ашық-айдынлықты және де арттырады. Қарыйдар тәрепинен банк арқалы эскроу есап бети ашылыўы ҳәм қаржының тек келисим тастыйықланғаннан соң ғана сатыўшыға өткерилиўи финанслық қәўипсизликти тәмийинлейди. Соның менен бирге, қаржыны пластик картаға ямаса нақ түрде алыў имканиятының сақланып қалыныўы системаның бейимлесиўшеңлигин тәмийинлейди.

Бүгин санлы төлем системалары тек ғана экономикалық нәтийжелиликти арттырып қоймастан, ал халық ушын қолайлы ҳәм заманагөй инфраструктураны қәлиплестирмекте. Соның менен бирге, коммерциялық банклер тәрепинен бул процессти қоллап-қуўатлаў мақсетинде инфраструктураны кеңейтиў жумыслары жедел орынланбақта.

Атап айтқанда, банклер тәрепинен автоматластырылған депозит машиналарының 24/7 режиминде иске қосылыўы халыққа қосымша қолайлық жаратпақта. Бул қурылмалар арқалы барлық түрдеги банк карталарын толтырыў, кредит төлемлерин әмелге асырыў ҳәм юридикалық шахслардың есап бетлерине қаржы киргизиў имканияты жаратылған. Ең әҳмийетлиси, айырым операциялар бойынша қосымша комиссия төлемлериниң жоқ екенлиги халық ушын және де қолайлы шараятларды тәмийинлейди.

Нақ пулсыз есап-санақларды кеңнен енгизиў мәмлекет экономикасын жаңа басқышқа алып шығатуғын стратегиялық қәдем болып есапланады. Бул процесс экономикалық ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жасырын экономика үлесин қысқартыў, финанслық тәртипти күшейтиў ҳәм заманагөй санлы экономиканы қәлиплестириўде шешиўши әҳмийетке ийе. Ең әҳмийетлиси, бул реформалар халықтың мәплерин есапқа алған ҳалда, олар ушын қолайлы ҳәм нәтийжели системаны жаратыўға хызмет етпекте.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы