Кейинги жыллары перзентлеримиз қолға киргизип атырған жетискенликлер ҳәм олар ушын жаратылып атырған имканиятлар көлеми де артып бармақта.

Мийнет базарына ҳәр жылы 600 мыңға шамалас жаслар кирип келмекте. 2030-жылға барып бул көрсеткиш бир миллионға жетиўи мүмкин. Сонлықтан, жасларды заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, мийнет базарының талапларына сәйкес түрде таярлаў ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири. Бул болса, өз гезегинде, жоқары билимлендириў мәкемелериниң мойнына үлкен жуўапкершилик жүклейди. Әсиресе, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, санаат тармақлары ушын зәрүр өнимлер жеткерип бериў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм инновациялық раўажланыўды жеделлестириўде аграр тараў шешиўши әҳмийетке ийе.

Санаат модернизациясы ҳәм технологиялық раўажланыў факторы

Халықаралық тәжирийбе дуал билимлендириў системасы экономикалық турақлылық ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде нәтийжели механизм екенин көрсетеди. Германия, Қытай ҳәм Австрия сыяқлы мәмлекетлерде бул система жаслар жумыссызлығын азайтыўда әҳмийетли фактор болған. Атап айтқанда, Германия мысалында билимлендириў процесинде-ақ жумыс тәжирийбесине ийе болыў имканияты жаслардың жумыссызлық дәрежесиниң азайыўына хызмет еткен. Қубла Корея, Сингапур ҳәм Япония сыяқлы мәмлекетлер де өндириске бағдарланған билимлендириў модели арқалы санаат модернизациясы ҳәм технологиялық раўажланыўға ерискен. Демек, теория ҳәм әмелият үйлескен шараятта кадрлар таярлаўдың сапасы ҳәм экономикалық нәтийжелилиги жоқары болады.

Бул билимлендириў түриниң үстин тәреплери көп. Соның ишинде, студентлер реал өндирис орталығында тәжирийбе арттырады. Теориялық билимлер әмелият арқалы беккемленеди. Мийнет тәртиби ҳәм өндирис мәденияты қәлиплеседи. Соның менен бирге, студентлер оқыў дәўиринде-ақ дәрамат дәрегине ийе болады. Питкериўшилер таяр қәниге сыпатында мийнет базарына кирип барады. Бул болса жаслардың кәсипке бейимлесиў процесин тезлестиреди ҳәм жумыссызлық қәўпин азайтады.

Усы тәреплерди нәзерде тутқан ҳалда Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң аўыл хожалығын механизациялаў ҳәм агроинженерлик билимлендириў бағдарларында билим алып атырған студентлер ушын дуал билимлендириў системасы енгизилди. Бул баслама шеңберинде студентлер Шыршық қаласындағы “Chirchiq Agro-Tech klaster”де әмелият өтеп атыр. Бул болса студентлердиң өндирис орталығында әмелий тәжирийбе топлаўы ҳәм мийнети ушын ҳақы алыўына имканият жаратпақта.

Президентимиздиң 2025-жыл 9-декабрьдеги "Пахта ҳәм ғәллешиликте зүрәәтлиликти арттырыў ушын жоқары нәтийжели интенсив агротехнологияларды қолланыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша университетимизде "жаңа агроном" системасы жолға қойылды. Усы баслама шеңберинде 2-3-басқыштан излениўшең, интакер ҳәм шет тиллерин пуқта ийелеген 180 студент аймақлардағы пахташылық ҳәм ғәллешиликке қәнигелескен кластер және фермер хожалықларына бириктирилип, әмелий жумыслар баслап жиберилди.

"Жаңа агроном" системасының тийкарғы ўазыйпасы заманагөй билим ҳәм илимий излениўлерге сүйенген, инновациялық пикирлейтуғын, жаңа сортлар, интенсив технологиялар ҳәм ресурс үнемлейтуғын шешимлерди әмелиятқа енгизе алатуғын қәнигелерди таярлаўдан ибарат. Бул процессте билимлендириў кластери принципи тийкарғы әҳмийетке ийе болып, "университет - илимий мәкеме - фермер хожалығы - кластер" арасында үзликсиз бирге ислесиў жолға қойылды. Бул баслама арқалы заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған жаңа әўлад агрономлары қәлиплеседи. Өнимдарлығы төмен хожалықларда илимий қатнас күшейип, нәтийжелиликти арттырыў бойынша анық усыныслар енгизиледи. Сондай-ақ, суўды үнемлейтуғын ҳәм санлы агротехнологиялар, аўыл хожалығында жасалма интеллекттен пайдаланыў әмелияты кеңейеди. Нәтийжеде кластер ҳәм фермерлер арасында алдынғы тәжирийбе алмасыў күшейип, инновациялық технологияларды қолланып атырған хожалықлардың саны артып барады.

Санлы трансформация ҳәм компетенциялар

Санлы технологиялар жедел раўажланып атырған шараятта университетте заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, "Агроинженерлер мектеби" шөлкемлестирилмекте. Онда аўыл хожалығында жасалма интеллект, робототехника, автоматластырыў, геомәлимлеме системалары, дрон технологиялары ҳәм санлы агротехнологиялар бойынша арнаўлы оқыў курслары, билимлендириў бағдарламалары жолға қойылады.

"Агроинженерлер мектеби" бағдарына сәйкес өндирис шөлкемлери белгиленип, олардың техникалық ҳәм технологиялық раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде биргеликте жасалма интеллектке тийкарланған заманагөй лаборатория шөлкемлестириледи. Бул мектепте өндирис шөлкемлери усынған машқалалар портфели тийкарында илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын орынлаў ҳәм аўыл хожалығы шөлкемлерине робототехника, дрон ҳәм басқа да қурылмалар жәрдеминде жерден нәтийжели пайдаланыў, топырақ анализин өткериў, егинлерди тәрбиялаў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў, ресурс үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша төлемли хызмет көрсетиледи.

Буннан тысқары, ири өндирис шөлкемлери менен қоспа илимий жойбарларды әмелге асырыў, қәбилетли студентлер ҳәм жас илимпазларды қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, олардың илимий изленислерин қаржыландырыўға итибар қаратылған. Курслар жуўмағында студентлерге арнаўлы сертификат бериледи ҳәм олар агрокластер, фермер хожалықлары және кәрханаларға санлы хызмет көрсетиў әмелиятында қатнасады.

Президентимиздиң 2026-жыл 13-марттағы "Аграр секторды заманагөй аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеўдиң гезектеги илажлары ҳаққында"ғы қарарында аўыл хожалығында механизациялаў дәрежесин арттырыў, соның ишинде, 2026-жылы пахтаны машиналар жәрдеминде терип алыў үлесин 70 процентке жеткериў белгиленген. Демек, тараўда аўыл хожалығы техникалары, пахта ҳәм ғәлле комбайнларын басқарыў операторларына талап артады.

Соннан келип шығып, университет студентлериниң әмелий көнликпесин арттырыў мақсетинде диплом менен бирге қосымша маманлық бериў системасы жолға қойылады. Соның ишинде, биринши курсты тамамлаған студентлерге тракторларды басқарыў ҳуқықын беретуғын тракторшы-машинист гүўалығын алыў имканияты жаратылмақта. Екинши курсты тамамлаған, бул гүўалыққа ийе болған студентлерге болса қосымша түрде заманагөй пахта териў машиналары ҳәм ғәлле комбайнлары және шынжырлы тракторларды басқарыў ҳуқықын беретуғын тракторшы-машинист гүўалығын алыў имканияты бериледи.

Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде енгизилген дуал билимлендириў системасы, әмелий сабақлардың агрокластерлер ҳәм өндирис кәрханаларында шөлкемлестирилиўи, қосымша кәсиплик тәжирийбе бериў курслары және санлы технологияларға тийкарланған оқыў бағдарламалары питкериўшилердиң бәсекиге шыдамлылығын сезилерли дәрежеде арттырыўға жәрдем береди. Бул система нәтийжесинде университет питкериўшилери агрокластерлер, фермер хожалықлары, санаат ҳәм сервис кәрханаларында өз қәнигелиги бойынша толық жумыс пенен тәмийинленбекте. Дуал билимлендириў тийкарында таярланып атырған жаңа әўлад агрономлары, агроинженер ҳәм технолог қәнигелер болса агросанаат комплексиниң таянышы болып, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм мәмлекеттиң экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Нарзулло ОБЛОМУРОДОВ,

Ташкент мәмлекетлик аграр университети ректоры,

экономика илимлериниң докторы, профессор