Сөйлесиў алдында еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп қырлы әмелий бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жылларда жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер себепли өз-ара байланыслар жаңа сапа басқышына көтерилгени атап өтилди. Бүгинги күнде Қатар компаниялары менен энергетика, химия санааты, азық-аўқат қәўипсизлиги, транспорт, қурылыс сыяқлы тараўларда жедел жумыслар алып барылмақта, усы жылдың басынан берли инвестициялардың өзлестирилиўи сезилерли дәрежеде артты.

Сондай-ақ, жедел раўажланып атырған мәдений-гуманитарлық байланыслар халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етпекте.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары да белгилеп алынды. Атап айтқанда, декабрь айында өтетуғын Доха форумында Өзбекстаннан абырайлы делегацияның қатнасыўы, илаж шеңберинде Ҳүкиметлераралық қоспа комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислерин өткериў режелестирилмекте.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.