Мәмлекетимиз басшысының самолётына мәмлекетимиз ҳаўа көлеминде Иордания әскерий-ҳаўа күшлериниң қырыўшы самолётлары жолдаслық етти.

Малика Алия атындағы халықаралық аэропортта Өзбекстан Президенти ҳәм оның өмирлик жолдасын Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн ҳәм Малика Рания ал-Абдулла, шаҳзада Ғози ибн Муҳаммад ҳәм оның өмирлик жолдасы күтип алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Мәмлекет басшылары рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлап, ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Сапардың тийкарғы илажлары 24-ноябрь күни болып өтеди.