“Journal of Experimental Psychology” журналында басып шығарылған изертлеў авторлары усындай жуўмаққа келди.
Ҳәтте инсан сөзин еситкенде де ҳәр кимниң мийи таныс емес тилдеги сеслерди анық парықламаўи мүмкин. Базылар оларды әпиўайы емес акустикалық сигнал сыпатында қабыл етеди.
Айтылыў өзгешеликлерин сезиў қәбилети шет тили айтылыўын табыслы өзлестириўдиң гилтлеринен бири болыўы мүмкин, деп атап өтеди “vokrugsveta.ru”.
Илимпазлар қатнасыўшылардың еситиў қәбилетин қалай тексерди?
Лондон университети колледжи (UCL) ҳәм Тохоку университети изертлеўшилери инглис тилин үйренип атырған 67 япониялының сеслердеги сезилер-сезилмес өзгерислерди парықлаў қәбилетин баҳалады. Қатнасыўшылардан сөйлеў менен байланыслы болмаған сеслердиң бәлентлиги, даўамлылығы ҳәм тонындағы айырмашылықларды анықлаў соралды.
Кейин илимпазлар функционал магнит-резонанс томография жәрдеминде қатнасыўшылардың мийи искерлигин үйренип, олар инглис тилиндеги еки даўыслы сести ажыратыўға ҳәрекет етти: /æ/ - cat сөзиндеги "а"ға уқсас сес ҳәм /ʌ/ - cup сөзиндеги қысқа "а" ямаса "э"ге уқсас сес. Япон тилинде бул сеслерге дәл сәйкес келетуғын даўыслылар жоқ.
Екинши тапсырмада қатнасыўшыларға және сестиң нәзик тәреплерин парықлаў усыныс етилди, бирақ бул сапары сөйлеў болмаған сигналларда еди.
Тил үйрениўде еситиў қәбилетин шынықтырыў не ушын зәрүр?
Изертлеўдиң жетекши авторы, Лондон университети колледжи билимлендириў институтынан доктор Казуя Саито-ван Путерен (Dr. Kazuya Saito-van Poeteren) жақсы еситетуғын адамлар таныс емес сеслерди дәрҳал әдеттеги сөйлеў модельлери менен байланыстырыўға урынбастан, оларды объективрек қабыл ете алатуғынын түсиндирди. Оның орнына, олар мийи акустикалық өзгешеликлердиң өзин анализлейди ҳәм бул не ушын айырым адамлар шет тиллерин басқаларға қарағанда аңсатырақ үйренетуғынлығын түсиндириўи мүмкин.
"Көпшилик адамлар шет тилин сөзлерди ядлаў ҳәм сөйлеўди тыңлаў арқалы үйренеди. Бирақ, изертлеўимиз соны көрсетеди, тилди өзлестириўдиң тийкарын қурайтуғын сеслерди парықлаў қәбилети – еситиў қәбилетин де шынықтырыў пайдалы", – деди илимпаз.
Оның сөзлерине бола, шет тиллерин оқытыўда "қаншелли көп әмелият болса, соншелли жақсы" принципинен ўаз кешип, оқыўшылардың индивидуал өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда еситиў қәбилетин раўажландырыўға көбирек итибар қаратыў керек.
Енди изертлеў топары тил үйрениўди еситиў шынығыўлары менен бирлестиретуғын бағдарлама ислеп шығыўды режелестирмекте. Ол бәлентликтиң нәзик өзгерислерин ҳәм сеслердиң басқа да акустикалық қәсийетлерин жақсырақ айырыўды үйрениўге жәрдем бериўи керек.