2024-жылы Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының резолюциясы тийкарында 2027-жыл Халықаралық турақлы ҳәм абадан туризм жылы деп жәрияланғаны ҳәммемиз ушын тарийхый ўақыя болды. Басламамызды дүньяның 80 нен аслам мәмлекети қоллап-қуўатлап, туризмди раўажландырыў бойынша көзқарасларымыз уқсас екенин ҳәм бул бағдардағы ҳәрекетлеримиз дүнья көлеминде тән алынып атырғанын көрсетти.
Бүгинги қурамалы геосиясий жағдай, дүнья экономикасындағы өзгерислер ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы қәўип-қәтерлер шараятында мәмлекетлер ҳәм халықларды жақынластырыўда туризмниң әҳмийети барған сайын артып бармақта. 2025-жылы туризмниң глобал жалпы ишки өнимдеги үлеси 11 триллион 600 миллиард долларды ямаса 9,8 процентти қурағаны, оның өсиўи жәҳән экономикасының улыўма өсиўинен жоқары екени тараўда үлкен потенциал бар екенинен дәрек береди.
Бул көрсеткишлер артында миллионлаған адамлардың, киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң мийнети турғанын, шаңарақлардың абаданлығы, жас әўладтың арзыў-ниетлериниң әмелге асыўы көп тәреплеме тараўдың раўажланыўына байланыслы екенин атап өтиў керек.
Соңғы жыллары Өзбекстанда туризм экономика ушын стратегиялық әҳмийетке ийе тараўға айланды. Халықаралық туризм майданында мәмлекетимиздиң тартымлылығы, дүньяның ҳәр қыйлы регионларында оған қызығыўшылық артып бармақта. 2026-жылдың он айында Өзбекстанға 11 миллион 600 мың турист келди. Туризм хызметлериниң экспорты 1,5 есеге өсип, 6 миллиард долларға жетти. Мийманлар санының өсиўи менен бир қатарда, олардың мәмлекетимизде болыў мүддетин, көрсетилип атырған хызметлер санын арттырыў, миллий экономикамызға қосып атырған үлесин көбейтиўди өзимиздиң тийкарғы ўазыйпамыз, деп билемиз.
Бүгинги күнде елимизде 7 мың 600 мийманхана ҳәм басқа да усындай объектлер жумыс алып бармақта. "Hilton", "Marriott", "InterContinental", "Radisson" сыяқлы дүньяға белгили мийманхана тармақлары менен бир қатарда Өзбекстанның туризм базарында 50 ден аслам халықаралық брендлер беккем орын ийелеген.
Экономиканың бул тармағында транспорт хызметлериниң көлемин кеңейтиў бойынша да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 54 мәмлекет пенен авиақатнаўлар бойынша келисимлерге ерисилген, 33 мәмлекеттиң 102 қаласына тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылған, 200 ден аслам жөнелис бойынша пәрўазлар әмелге асырылмақта.
Тараўда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде кейинги бес жылда 50 ден аслам түрдеги жеңилликлер енгизилди. Туризм ҳәм оның менен байланыслы хызметлердиң раўажланыўы 1 миллионға шамалас халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, тараўды мәмлекетимиз экономикасының әҳмийетли өсиў ноқатына айландырыўға хызмет етти.
Биз 2030-жылға барып елимизге келетуғын сырт елли туристлердиң санын 20 миллионға, туризм хызметлериниң экспортын 10 миллиард долларға, халықтың бәнтлигин 2 миллионға, туризмниң жалпы ишки өнимдеги үлесин 7 процентке жеткериўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз.
Бул мақсетке ерисиўде ҳәр бир мийманның елимизде болыўы мүмкин болғанынша мазмунлы болыўы ушын туризм хызметлерин диверсификациялаўға айрықша итибар қаратпақтамыз.
Туризмниң исбилерменлик, қызықлы ҳәм экстремал, агро ҳәм этно, медициналық ҳәм гастрономиялық бағдарларында үлкен имканиятларды иске қосыў, исбилерменлерге салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериў бойынша жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
Соның менен бирге, тарийхый қалалардағы мәдений мийрас объектлерине жүклемени азайтыў, туристлер ағымын жаңа аймақларға бағдарлаў мақсетинде заманагөй туристлик комплекслер, қәнигелескен туристлик аўыллар ҳәм мәҳәллелер шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта бундай объектлердиң саны 57 болып, 2030-жылға шекем 140 қа жеткериледи.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
2027-жылы Өзбекстанда туризмди турақлы раўажландырыў ҳәм оның турақлылығын беккемлеў бойынша анық илажлар әмелге асырылады.
Ишки туризмди раўажландырыў арқалы тараўдың кризислерге шыдамлылығын күшейтиў зәрүр, деп есаплаймыз.
Және бир әҳмийетли мәселе – регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириў. Орайлық Азия тәжирийбеси қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте бирден-бир туризм мәканы сыпатында ҳәрекет етиў арқалы үлкен нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлигин көрсетпекте. Соның ушын барлық мәмлекетлерди бул бағдардағы бирге ислесиўди, бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер менен беккемлеўге айрықша итибар қаратыўға шақыраман.
Глобалласыў – туризмниң тийкарғы күши. Соның менен бирге, бул фактор көп әсирлик дәстүрлер ҳәм миллий қәдириятларға үлкен тәсир көрсетип атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Туризм тараўы мәмлекетлердиң миллий өзлигин ҳәм этномәдениятын сақлаў, оларды заманагөй технологиялар менен үйлестириўде ең нәтийжели қурал, деп есаплаймыз.
Мен глобалласыў дәўиринде этномәдениятты сақлап қалған ҳалда, әйне туризмди раўажландырыў арқалы оның бийтәкирарлығын ҳәм өзине тәнлигин дүньяға көрсетиўди усыныс етемен. Себеби, раўажланыўды заман жаратады, келешек болса миллий қәдириятлар тийкарында қурылады.
Бул ийгиликли мақсетлерге ерисиўде жеке жуўапкершилик сезими, дөретиўшилик потенциал, сөз ҳәм ис бирлиги биз ушын әҳмийетли руўхый сүйениш болыўы керек.
Туризмниң узақ мүддетли раўажланыўын тәмийинлеў зәрүрлигинен келип шығып, 2027-жыл илажлары менен шекленбестен, келеси бес жылға мөлшерленген глобал Ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўды усыныс етемен.
Бундай бағдарлама мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектордың имканиятларын БМШтың Дүнья жүзилик туризм шөлкеми қәўендерлигинде бирлестириўге ҳәм анық нәтийжелерге ерисиўге хызмет етиўи керек.
Бүгинги халықаралық форум туризм тараўында өз-ара исеним ҳәм аўызбиршиликти және де беккемлеў, жаңа шериклер табыў ҳәм әмелий келисимлерге ерисиў, турақлы ҳәм абадан туризмниң улыўма келешегин биргеликте қурыў жолында әҳмийетли қәдем болады, деп исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысыңызда жаңа табыслар, Өзбекстанда болғаныңыз ҳәм форумның нәтийжели жумысы ҳаққында жарқын тәсирлер тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти