Атап айтқанда, 2026-жылдың январь-сентябрь айларында Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан халыққа кепилленген медициналық жәрдем көрсетиў ушын жәми 26,6 триллион сум қаржы қаратылды.

Бул қаржылардың тийкарғы бөлеги, яғный 25,5 триллион сум поликлиника, емлеўхана ҳәм тез медициналық жәрдем хызметлерин қаржыландырыўға жумсалды.

Сондай-ақ, 886 млрд сум жоқары технологиялық ҳәм қәнигелестирилген медициналық хызметлерге, 248 млрд сум болса Реимбурсация бағдарламасы шеңберинде халықты бийпул дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўге қаратылды.

Усы жылдың 9 айы даўамында поликлиникаларда пуқараларға 176,8 млн мәрте бийпул медициналық тексериў ҳәм мәсләҳәт хызметлери көрсетилди. Соның менен бирге, 3,4 миллион наўқас емлеўханаларда жатып емленген болса, және 1,3 миллион наўқас күндизги стационарларда емленди.

Бул дәўирде тез медициналық жәрдем хызметине жәми 9,4 млн мәрте шақырық келип түсти. Бул ҳәр күни орташа 34,5 мың мәрте тез медициналық жәрдемге мүрәжат етилгенин аңлатады.

ДСМ Баспасөз хызмети.