Мәмлекетимиз басшысы дәслеп елимизде билимлендириўдиң
үзликсизлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, ерисилген
нәтийжелер ҳәм келешектеги режелер ҳаққындағы презентация менен танысты.
"Мектепке шекемги билимлендириў", "Мектеп билимлендириўи",
"Қәбилетли мектеп оқыўшылары", "Кәсип-өнер билимлендириўи",
"Жоқары билимлендириў" павильонларында балалардың жаслығынан баслап,
кәсип-өнер ийелеўине шекемги билимлендириўдиң барлық басқышларында әмелге
асырылып атырған реформалар сәўлелендирилген.
Мәмлекетимиз басшысы университеттиң оқыў ҳәм илимий
инфраструктурасы менен танысты. Оған "Болажақ инженерлер"
платформасы, «Bloomberg»
лабораториясы, физика оқыў лабораториясы, инженерлик илимлериниң оқыў залы ҳәм «Apple Training Center» оқыў орайында
студентлер ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, «IDROCK» жасалма интеллект кластери, биотехнология
ҳәм биоинформатика, материаллар, лазер ҳәм нанотехнологиялар лабораториялары, «ADM» машина қурылысы лабораториясының
жумысы көрсетилди. Бул платформалар студентлердиң теориялық билимлерин әмелий
сабақлар, изертлеў жумыслары ҳәм жойбарлар менен байланыстырыўға қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы университет
профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, халықаралық билимлендириў
бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасып атырған сырт елли бирге ислесиўшилер
менен сәўбетлести.
Сапар даўамында Президентимиз елимиздиң белсенди ҳәм
интакер муғаллим ҳәм устазлары менен естелик ушын сүўретке түсти.