Америка жетекшиси өзиниң қутлықлаўында мәмлекетимиз басшысының усы жылдың февраль айында Тынышлық кеңесиниң инаугурациялық мәжилисинде қатнасқанын жоқары баҳалады.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда әжайып нәтийжелерге ерисип атырғаны атап өтилип, мәмлекетимизге сапар менен келиў усынысы ушын миннетдаршылық билдирилди.

Президент Дональд Трамп, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысын Тынышлық кеңесиниң гезектеги мәжилисине, сондай-ақ, Маямида болып өтетуғын G20 саммитине мирәт етти.

Сизге ҳәм уллы Өзбекстан халқына Алла жарылқасын, - делинеди қутлықлаўда.