Әҳмийетли минераллар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Бул регионымызда жаңа санаат қуўатлықлары, жумыс орынлары ҳәм технологиялық имканиятларды жаратыўға хызмет етеди.

"Сондай-ақ, бизнес ўәкиллерин тийкарғы жойбарларды белгилеў ҳәм алға қойыўға тартыў ушын "С5+1" ҳәм "Б5+1" форматлары арасында турақлы бирге ислесиўди жолға қойыўды усыныс еттик.

Самарқандтағы сөйлесиўимиз сиясий келисимлерди анық инвестициялар ҳәм биргеликтеги жойбарларға айландырыўға жаңа пәт бағышлайтуғынына исенемиз.

Өзбекстан "С5+1" Секретариатына жәрдемши басшылығы даўамында бул бағдарларда избе-из ҳәм әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр", деди Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов.