Экс-елши ҳәм оның жолдасы хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында нызамсыз миграция ҳәм коррупцияға жәрдем бергиўде гүманланбақта.

Тергеў версиясына бола, дипломат жәрдемшиси менен биргеликте рәсмий тәртипти айланып өтип, Россия пуқараларына узақ мүддетли туристлик визалар бериў схемасын шөлкемлестирген. Бул жерде гәп белгиленген талапларға жуўап бермейтуғын арза бериўшилерге берилетуғын бир жылдан үш жылға шекемги Шенген визалары ҳаққында бармақта.

Тергеўшилердиң айтыўынша, визаларды рәсмийлестириў ушын ҳәр бир адамнан 4 мыңнан 16 мың евроға шекем қосымша төлемлер алынған, ал рәсмий консуллық жыйымлары болса 45-60 евроға шекем болған.

Тергеў мағлыўматларына бола, бул схема бир мәнзилде дизимнен өткен Москваның үш туристлик агентлиги - Happy Travel, Visa4you ҳәм Park Lane, арқалы әмелге асырылған. Олар арқалы кеминде 95 Россия пуқарасы виза алды, олардың бир бөлеги консуллық округинде жасамаған ямаса консуллыққа бармаған.

Нызамбузыўшылықлар Италия Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен 2025-жылдың жазында Ташкенттеги елшиханада өткерилген тексериў даўамында анықланған. Атап айтқанда, ҳүжжетлерде виза алыўшылардың дипломатиялық ўәкилханаға барыў дәптерине киргизилмеген онлаған жағдайлар анықланған.

Сондай-ақ, тергеў тәрепинен усы схемаға байланыслы финанслық өткермелер де үйренилмекте. Ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматына бола, Болгариядағы банк есап бетине қарыз көринисинде онлаған мың евро өткерилген.

Ҳәзирги ўақытта тергеў жумыслары даўам етип атырғаны айтылмақта. Ҳуқық қорғаў уйымлары 400 ге шамалас эпизодларды, сондай-ақ, бурынғы дипломаттың баҳасы шама менен 3 миллион евроға баҳаланатуғын мүлкиниң келип шығыўын тексермекте.