Бул ҳаққында "Коперник" бағдарламасы Атмосфера мониторинги хызмети (CАМС)ниң жаңа есабатында айтылған, мағлыўматты “ABC News” келтирмекте.

Жер әтирапындағы озон планетамызды ультрафиолет нурлардан қорғайтуғын озон қатламынан парық қылады. Бул патасландырыўшы зат тиккелей планета бетинде, басқа патасландырыўшы затлар қуяш нуры ҳәм жоқары температура тәсиринде химиялық реакцияларға кирискенде пайда болады. Соның ушын ыссы дәўирлер озон менен патасланыўды күшейтиўи мүмкин.

"Озон патасланыўы атмосферамыз, климат, саламатлық ҳәм тиришилик қураллары бир-бирине қаншелли байланыслы екенлигин еслетип турады", - деди “CAMS” директоры Лоренц Руил. Оның сөзлерине бола, ҳаўаның патасланыўы ҳәм климат өзгериўи ҳаўаның қурамына, экосистемалардың жағдайына ҳәм аўыл хожалығы егинлерин жетистириў имканиятына тәсир етеди.

Арқа Америкадағы жағдай соңғы жыллары, шығындыларды азайтыў илажларына қарамастан, дерлик жақсыланбады. Изертлеўшилер буны тоғай өртлери ҳәм климат өзгериўи менен де байланыстырмақта. Өрт түтини қурамында озон пайда етиўши затлар ҳәм басқа патасландырыўшы затлар болып, мыңлаған километр аралыққа тарқалыўы мүмкин.

Соның менен бирге, Океания (Тыныш океанының орайлық ҳәм батыс бөлимлеринде, Азия, Австралия ҳәм Америка ортасында жайласқан. Бул айрықша мәмлекет емес, ал мыңлаған атаў ҳәм атаўшалардан ибарат үлкен географиялық аймақ) ҳаўа сапасы ең жақсы болған аймақлардан бири болып қалмақта: “CAMS” есабатына бола, оның барлық халқы озон менен патасланыў дәрежеси жақсы ямаса қанаатландырарлы болған аймақларда жасайды.

“Atmosphere Watch” есабаты 2026-жылдың дәслепки сегиз айын қамтып алады. Оның авторлары ҳаўа патасланыўы глобал машқала болып қалып атырғанын атап өтпекте: ЖДСШ мағлыўматларына бола, планетамыз халқының дерлик 99 проценти ҳаўа сапасы ҳәм бул бағдардағы усынысларға жуўап бермейтуғын аймақларда жасайды, деп жазады “science.mail.ru”.