Ғалаба хабар қуралларының
мағлыўматларына қарағанда, финал ысқырығынан кейин майданда ғалабалық жәнжел
келип шыққан. Ўақыя қатнасыўшылары арасында Аргентина сайланды командасының бир
неше футболшылары да болған. Атап айтқанда, Науэль Молина испанлардың сәрдары Родриге соққы бергени,
Леандро Паредес болса қорғаўшы Эрик Гарсия ҳәм ярым қорғаўшы Гави менен
келиспеўшиликке жол қойғаны айтылмақта.
Ушырасыў бас судьясы Славко
Винчич ойын тамамланғаннан соң Паредеске тиккелей қызыл карточка көрсетти.
Финал даўамында Энцо Фернандес шетлетилди, бир қанша аргентиналы футболшылар
ҳәм команда бас тренери Лионел Скалони ескертиўлер алды.
Рәсмий рапортларды үйренип шыққан тәртип-интизам
комитети финал ойынынан кейин жол қойылған Тәртип-интизам кодексиниң мүмкин
болған бузылыўларын тексериў ушын тәртип-интизам ҳәм этика мәселелери бойынша
прокурорды тайынлады. Тергеў жумысларының жуўмақланыў мүддети еле айтылмаған.
Буннан тысқары, ФИФА Аргентинаның Англияға қарсы ярым
финал ойынынан кейин Аргентина футболшылары "Мальвин атаўлары Аргентинаға
тийисли" деген жазыўлы баннерди жайып қойған ўақыяны үйренбекте. Шөлкемниң
тәртип-қағыйдалары турнир ўақтында сиясий баянатлар бериўди қадаған еткени ушын
бул эпизод интизамый процесске де себеп болыўы мүмкин.