Қытай U23 - Өзбекстан U23 ойыны Далянь спорт комплексинде болып өтеди. Ушырасыў Ташкент ўақты менен саат 14:00 де басланыўы режелестирилген.

Бул ушырасыў Өзбекстан сайланды командасының Азия ойынларына таярлығының бир бөлеги болады. Бақлаў ушын өткерилетуғын ойын даўамында тренерлер штабы футболшылардың физикалық ҳәм ойынға таярлығын анықлаў, футболшылардың ҳәр қыйлы тактикалық вариантлары ҳәм комбинацияларын тексериў имканиятына ийе болады.