Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 46-жәҳән шахмат олимпиадасы қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов оқып еситтирди.

Сондай-ақ, ФИДЕ президенти ўазыйпасын атқарыўшы Вишванатан Ананд шығып сөйлеп, олимпиада қатнасыўшыларын қутлықлады ҳәм Өзбекстан тарийхта биринши мәрте шахмат жәҳәниниң ең ири командалық турнирине басшылық етип атырғанын атап өтти.

Быйылғы олимпиада қатнасыўшылар ҳәм командалар саны бойынша рекорд орнатпақта. Жарыста 397 команда, соның ишинде, ашық (Open) секцияда 207 команда, ҳаял-қызлар арасында 190 команда қатнаспақта. Турнирде жәми 1970 шахматшы, соннан 238 гроссмейстер қатнаспақта.

Ашылыў мәресиминде халықаралық шахмат шөлкемлери, сырт ел делегациялары, миллий сайланды командалар ҳәм спорт жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан сайланды командасы Олимпиадада ең күшли қурамда қатнаспақта. Еркеклер командасы қурамына дүнья рейтингиниң биринши онлығынан орын алған Жавоҳир Синдаров ҳәм Нодирбек Абдусатторов, сондай-ақ, Нодирбек Ёқуббоев, Шамсиддин Воҳидов ҳәм ФИДЕ жәҳән чемпионы Рустам Қосимжонов киргизилди.

Ҳаял-қызлар сайланды командасы қурамында Афруза Ҳамдамова, Гүлрухбегим Тоҳиржонова ҳәм миллий шахмат мектебиниң басқа да талантлы ўәкиллери Өзбекстан абырайын қорғамақта.

Сондай-ақ, Самарқандта шахмат бойынша 3-Паралимпиада болып өтпекте. Онда 41 команда, 198 шахматшы қатнаспақта. Бул шахмат бойынша Паралимпиада тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Жарыслардың өткерилиўи инклюзив спортты раўажландырыў, шахматтың ҳәмме ушын ашық спорт түри сыпатындағы статусын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Олимпиада менен бир ўақытта 19-28-сентябрь күнлери Самарқандта ФИДЕниң 97-Конгресси болып өтеди. Онда 200 ден аслам шахмат федерацияларының басшылары қатнасыўы күтилмекте.

Бул абырайлы илажлардың тарийхый Самарқандта өткерилиўи Өзбекстанның ири халықаралық спорт ҳәм интеллектуаллық жарысларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў имканиятын және бир мәрте көрсетеди.

46-жәҳән шахмат олимпиадасы 27-сентябрьге шекем даўам етеди.