FIFA Forward
Enterprise жойбары футбол жарысларының
коммерциялық активлерин басқарыў ушын өз алдына компания шөлкемлестириўди
нәзерде тутқан. Жаңа структураның 20 процентке шекемги акцияларын жеке меншик
инвесторларға сатыў ҳәм дерлик 4,2 миллиард доллар тартыў режелестирилген еди.
Бирақ, бул баслама жетекши футбол шөлкемлери арасында үлкен
наразылықларды келтирип шығарды. Жойбарға УЕФА, КОНМЕБОЛ, КОНКАКАФ ҳәм Азия
футбол конфедерациясы қарсы болды. Айырым Европа футбол федерациялары егер
келисим әмелге асырылса, ҳәтте ФИФА турнирлерин бойкот етиў мүмкиншилигине де
жол қойған еди.
ФИФА президенти
Жанни Инфантино бул жойбар футбол жәмийетшилигинде үлкен келиспеўшиликлерге
себеп болғанын тән алды. Оның сөзлерине бола, басламаны буннан былай да алға
қойыў шөлкемниң тийкарғы ўазыйпасы - миллий федерациялар ҳәм регионаллық
конфедерациялар арасындағы бирликти сақлап қалыўға сәйкес келмес еди.
Ақыбетинде ФИФА
футбол жәмийетшилиги ишинде және бөлиниўдиң алдын алыў мақсетинде жойбарды
әмелге асырыўдан бас тартыўға қарар етти.