Ғалаба хабар қуралларының өзи ушын бул аналитикалық кесим айрықша әмелий әҳмийетке ийе. Изертлеў нәтийжелерине сүйенип, редакциялар өзлериниң раўажланыўы ушын жаңа "имканиятлар айнасы"н табыўы мүмкин болады. Медиа тутыныўдың заманагөй тенденцияларын түсиниў басылымлар ҳәм телеканалларға стратегияларды өзгертиў, қамтып алыўды кеңейтиў ҳәм ең әҳмийетлиси, өз аудиториясы менен исенимли ҳәм узақ мүддетли қатнасықларды қәлиплестириўге жәрдем береди.
Масс-медиа фондының директоры Жаҳонгир Азимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде: "Жүргизилген изертлеў разведка характерине ийе болып, өзине тән. Ол республика медиа мәканында болып атырған ўақыялардың улыўма көринисин көрсетти, телевидение, радио, баспа ҳәм онлайн ғалаба хабар қуралларын қамтып алған болып, жас, жыныс ҳәм жасаў орны, медиа контентти пайдаланыў әдетлери кесиминдеги көрсеткишлер оғада дыққатлы үйрениўди талап етеди. Алынған мағлыўматлар халықтың медиа тутыныў әдетлерин түсиниўде әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди, деп үмит етемиз. Соның менен бирге, раўажланыў ушын да майдан бар. Және де терең ҳәм қалыс мағлыўматларды жыйнаў ушын ҳәр бир бағдар бойынша өз алдына толық изертлеўлер алып барыў талап етиледи ҳәм Масс-медиа қоры бул жумысларды даўам еттириўге таяр.
"Бүгин усынылған нәтийжелер барлық бенефициарлар ушын әмелий дәрек болып, және де мәлимлеме, турақлы ҳәм медиа-саўатлы жәмийетти қурыў мақсетиндеги бирге ислесиўге хызмет етеди, деп үмит етемен. Бул басламада қатнасқан барлық шөлкемлер, изертлеўшилер ҳәм экспертлерге олардың жумысы ҳәм пидайылығы ушын миннетдаршылық билдирмекшимен. Европа Аўқамы бул ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўдан ҳәм Өзбекстанда мәлимлеме орталығын беккемлеўге үлес қосыўдан қуўанышлы," - деп атап өтти Европа Аўқамы делегациясының Өзбекстандағы ўақытша исенимли ўәкили Рената Врубель.
Изертлеў ҳаққында қысқаша мағлыўмат
Сораў 2026-жыл 8-сентябрьден 19-сентябрьге шекем респондентлердиң жасаў мәнзили бойынша жеке сәўбетлесиў тәризинде өткерилди. Изертлеўде мәмлекетимиздиң барлық 14 аймағында қала (53,9%) ҳәм аўыллық жерлерде (46,1%) жасайтуғын 18 жастан жоқары болған 1411 адам қатнасты. Көп басқышлы таңлаў мағлыўматлардың миллий дәрежеде репрезентативлигин тәмийинлеп, медиа тутыныўының гендер, жас ҳәм аймақлық өзгешеликлерин анықлаў имканиятын берди.
Үйрениў пуқаралардың мәлимлеме күн тәртибиндеги жумысы жоқары дәрежеде екенлигин тастыйықлады: халықтың 50,4 проценти мәмлекеттеги ўақыяларды турақлы бақлап барады, 30,4 проценти болса ўақы-ўақты менен оларға қызығыўшылық билдиреди. Онда өзбекстанлылар дәстүрий ҳәм санлы ғалаба хабар қуралларының комбинациясынан пайдаланыў сыяқлы анық "көп каналлықты" көрсетпекте.
Жаңалықлар контентин пайдаланыўдың тийкарғы дәреклери сыпатында Telegram каналлары (51,6%), телевидение (44,6%) ҳәм социаллық тармақлар (41,6%) атап өтилди. Жаслар арасындағы айырмашылық көзге тасланады: 18-24 жастағы жаслар тийкарынан Telegram (66,2%) ҳәм социаллық тармақлардан (54,4%) мағлыўмат алады, 55 жастан жоқары болған респондентлер болса телевидение (77,4%) ҳәм баспа сөзге садық болып қалады.
Изертлеўлер соны көрсетеди, санлы платформалардың раўажланыўына қарамастан, телевидение өзиниң беккем орнын сақлап қалмақта. Телевидение контентин респондентлердиң 67,5 проценти тамаша етеди. Буннан тысқары, халықтың исеним дәрежеси бойынша да ТВ абсолют жетекши болып есапланады - оған сораўнамада қатнасқанлардың 44,3 проценти исенеди (салыстырыў ушын, Telegram каналларына 11,3 процент, жаңалық сайтларына болса 7,4 процент исенеди).
Телеканаллар арасында «O‘zbekiston 24» мәмлекетлик телеканалы ең үлкен исенимге ийе - оны тамашагөйлердиң 41,7 проценти тийкарғы, 52,8 проценти ең исенимли дәрек сыпатында таңлайды. Телевизион абзаллықлар структурасында болса миллий телеканаллар жетекши орынларды ийелейди, олар арасында Milliy TV, O‘zbekiston 24, Zo‘r TV ҳәм Sevimli TV телеканалларына талап жоқары.
Радио халықтың медиа тутыныўы структурасында салыстырмалы түрде шекленген орынды ийелейди. Изертлеў нәтийжелерине бола, радиодәстурларды сораўнама қатнасыўшыларының 21,9 проценти тыңлайды, 78,1 проценти болса усы мәлимлеме дәрегине мүрәжат етпейди. Радио тыңлаўшылардың ең жоқары үлеси 35-44 жастағы респондентлер арасында (26,9%), ең төмен үлеси болса 18-24 жастағы жаслар арасында (16,7%) белгиленген.
Өзбекстанда социаллық тармақлардан сораў етилген пуқаралардың 64,8 проценти пайдаланады, Телеграм мессенджеринен пайдаланыўшылардың үлеси болса рекорд дәрежеде - 86,1 процентке жетеди. Телеграм жаңалықларды оператив түрде қабыл етиўдиң тийкарғы қуралы сыпатында күнделикли турмысқа беккем кирип барды, бул жерде пуқаралар ең көп (55,2 процент) республикалық жаңалықларды оқыйды ҳәм халықаралық күн тәртибин бақлап барады.
Социаллық тармақлар арасында Инстаграм сөзсиз жетекши есапланады - оннан социаллық тармақ пайдаланыўшылары санының 92,7 проценти пайдаланады. Санлы платформаларға мүрәжат етиўдиң тийкарғы себеплери мәлимлемени жеткерип бериў тезлиги (48,6 процент) ҳәм контенттиң қәлеген ўақытта пайдаланыў мүмкинлиги (31,0 процент) болып есапланады.
Улыўма, халық сөз еркинлиги дәрежесин унамлы баҳалайды (49,7% жоқары деп есаплайды). Контент бойынша болса жәмийет оның сапасын арттырыў бойынша анық талап қәлиплестиреди. Пуқаралар баҳалар, бәнтлик ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы (41,3 процент), халықтың күнделикли машқалалары ҳаққындағы (40,6 процент) мағлыўматлардың жетиспейтуғынын атап өтпекте.
Тамашагөйлер ҳәм оқыўшылар барлық түрдеги ғалаба хабар қуралларынан тереңирек аналитикалық қатнасты (27,6 процент), ҳәр қыйлы көзқараслардың әдил сәўлелениўин (22,5 процент), журналистлик тексериўлерди күтеди. Тийкарғы машқала сыпатында респондентлер сюжетлердиң бир түрлилиги ҳәм телевидениеде бирдей көрсетиўлердиң тез-тез тәкирарланыўын атап өтеди.
Медиа тараўындағы тийкарғы қәўип фейклер екени атап өтилди. Сораўнамада қатнасқанлардың дерлик ярымы (46,6%) фейк хабарларды тарқатыўды заманагөй ғалаба хабар қуралларының ең әҳмийетли машқаласы деп атаған. Көбинесе жалған мағлыўматларға респондентлер YouTube, Телеграм ҳәм социаллық тармақларда дус келеди. Бул қәўипке жуўап ретинде изертлеў қатнасыўшыларының 77,4 проценти жалған мағлыўмат тарқатқаны ушын ғалаба хабар қуралларының жуўапкершилигин күшейтиў тәрепдары екенин билдирди.
Бул изертлеў оғада айрықша әҳмийетке ийе болды: ол биринши мәрте медиа орталығының жедел санлы трансформациясы шараятында жәмийеттиң мәлимлемени қалай излеп табыўы ҳәм тутыныўының объектив көринисин көрсетти.
Бунда медиа базарының барлық қатнасыўшылары ушын тийкарғы қәўип-қәтер - аудиторияның исеними ушын гүрес болып табылады. Изертлеў нәтийжелери редакциялар ушын контент сиясатын жетилистириў, аналитикалық журналистикани раўажландырыў ҳәм фактчекингтиң қатаң стандартларын енгизиў мәселелеринде әҳмийетли бағдар бола алады.
Бул жойбардың екинши басқышы Өзбекстанның алты аймағында журналистлер, баспасөз хызметкерлери ҳәм блогерлер ушын тренинглер болады.
Толық изертлеўди төмендеги силтеме арқалы жүклеп алыў мүмкин:
"Өзбекстанда медиа тутыныўы бойынша миллий изертлеў" Миллий медиа тараўын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды, Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы ҒХҚ ушын контент таярлаў орайының биргеликтеги басламасы болып есапланады. "Ижтимоий фикр" республика жәмийетшилик пикирин үйрениў орайы тәрепинен дала үйрениў жумыслары алып барылды.