Елимиз бойлап 1 миллион гектар суўғарылатуғын ҳәм 255 мың гектар суўғарылмайтуғын жерде егилген дәнли егинлеринен 10 миллион тоннадан аслам ғәлле өними жыйнап алынды. Бул мәмлекетимиз халқын ун ҳәм ун өнимлери менен қәўипсиз және үзликсиз тәмийинлеўде үлкен қәдем, десек асыра айтқан болмаймыз.

Онда аўыл хожалығына илимниң кеңнен енгизилип атырғаны, ғәлле жетистириўши фермер хожалықларын қаржылай қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны, тараўда заманагөй агротехникалық илажлар избе-излик пенен қолланылып атырғаны, ғәллекешлеримиздиң пидәкерлик мийнетлери тийкарғы фактор болып хызмет етти. Агротехникалық илажлардың оптимал мүддетлерде сапалы орынланғаны да өз нәтийжесин көрсетип, жоқары зүрәәтлиликти тәмийинледи.     

Көпшилик жақсы биледи, буннан он жыллар алдын ғәлле өнимдарлығы ҳәзиргиден бир неше есе төмен болған. Мәселен, ҳәзиргидей майданнан 3,5-4 миллион тонна дән жыйнап алынатуғын еди. Қызығы сонда, усы көлемдеги өним ушын да бүгингидей қәрежет, маңлай тер, машақатлы мийнет жумсалатуғын еди. Бирақ көпшилик фермерлердиң алған дәраматы еткен қәрежетин қапламаған. Өнимдарлық гектарына орташа 40-45 центнерден қалып қойған. Ҳәтте айырым фермерлер буннан артық зүрәәт алыў мүмкин екенлигин көз алдына келтире алмайтуғын еди.

Бирақ бүгин тараўға илим ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў арқалы өнимдарлықты бир неше есеге арттырыў мүмкин екенлиги елимиз тәжирийбесинде айқын көринди. Мәмлекетимиздиң ғәллешилигинде қолға киргизилген әҳмийетли жетискенликлерден бири де усы - ғәлле өнимдарлығы орташа 100 центнерге жеткерилди. Ҳәзир көплеген фермер хожалықлары 100 центнер ҳәм оннан жоқары өним алып атыр. Жумысты баслағаннан-ақ, кеминде мине усы шекти гөзлеп атырғаны, буның мүмкин екенлигине әмелде гүўа болмақта.

Быйылғы өнимде суўғарылатуғын майданлардан Хорезм, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында 95-100 центнерден, Әндижан, Ташкент, Ферғана ҳәм Наўайы ўәлаятларында 90-95 центнерден зүрәәт жыйнап алынды. Әмиўдәрья районындағы "Комилов Равшанбек", Вобкенттеги "Бекзод Муҳаммад Бунёд", Дослықтағы "Акмал Баҳром", Мыңбулақтағы "Ойбек Диёр Турсунбоевлар", Термиздеги "Дил Раъно Янгиариқ", Ақалтындағы "Жавоҳир Шаҳло Шерали", Бағаттағы "Аброрбек", "Холмурод ўғли Мансур", Гүрлендеги "Эрмуҳаммад Махсум", "Иноят Махсум" фермер хожалықлары болса ғәлле тәрбиялаўда алдынғы агротехнологияларды қолланған ҳалда 100-105 центнерден жоқары зүрәәт алыўға еристи.

Бундай үлкен нәтийжелер өз-өзинен қолға киргизилмейди. Буны тек ғана тараў ўәкиллери емес, ал әпиўайы адамлар да жақсы түсинеди. Ўатанласларымыз "Қалайынша ғәлледен сонша өним алынып атыр, неге бурын буның имканияты болмаған, соңғы он жылда не өзгерди?" деген сораўларды бериўи де әне усындай аңланған таллаўлардың нәтийжеси.

Бул сораўлардың анық, турмысымызда дәлилин таўып атырған жуўаплары бар. Бәринен бурын, елимиздиң аўыл хожалығындағы системалы реформалардың жемиси бул. Тараўға илимий-инновациялық агротехнологиялардың избе-из ҳәм кеңнен енгизилиўи, исленген жумыслардан дурыс жуўмақ шығарып, кейинги жылларда буннан былай да жетилистирип барыў тәжирийбеси зүрәәтлиликти есесине арттырмақта.

Быйылғы мол зүрәәт мине усы ҳәрекетлердиң жыйынтығы. Қалаберди, бир қанша факторларды да айрықша ажыратып көрсетиў мүмкин. Мәселен, быйыл 170 мың тонна туқымлық дән егиўден алдын 45-60 күн даўамында суўытқышлы қоймаханаларда (+1 +5С температурада) сақланды ҳәм 685 мың гектар жерге яровизация (тындырылған) етилген туқымлық дән егилди. Нәтийжеде нәллердиң бир тегис толық өнип шығыўы, топлаў, масақлаў ҳәм писиў дәўирлеринде жүз беретуғын стресс факторларына шыдамлылық қәсийетлериниң жақсыланыўы есабынан набыт болмастан, дәстүрий усылда таярланған туқымлық дәнге салыстырғанда 5-10 күнге шекем ерте писетуғын болды. Өнимли пақаллар саны бир гектарда орташа 6,0-6,5 млн. дәнени қурады. Бул дәстүрий усылда таярланған туқымлық дәнге салыстырғанда 1,5-2 миллион данаға көп. Нәтийжеде ҳәр гектардан орташа 10-12 центнер қосымша зүрәәтлилик тәмийинленип, қоймаханаларға да 700-750 мың тонна қосымша дән кирди.

Суўғарылатуғын ғәлле майданларында 100 центнерден зүрәәт жетистириўге ерисиў ушын тараў қәнигелери тәрепинен агротехникалық илажларға байланыслы 7 жаңа усыныс ислеп шығылып, ғәлле жетистириўши кластерлер ҳәм фермер хожалықларының басшыларына жеткерилди және орынларда дала оқыў семинарлары шөлкемлестирилди.

Ғәлле егиў ҳәм тәрбиялаўдың барлық басқышларында тараў илимпазлары өз усыныслары менен агротехникалық илажларда қатнасты. Бул да масақлы дән егинлеринен жоқары зүрәәт жетистириўдиң әҳмийетли факторларынан бири. Әсиресе, биологиялық ескирген сортлар орнына ҳәр бир аймақтың топырақ-ықлым шараятларына сәйкес, тез писетуғын, зүрәәтли, ҳаўа-райының қолайсыз шараятларына ҳәм стресс факторларына, кеселликлерге шыдамлы, дәниниң сапа көрсеткишлери жоқары болған жаңа сортлар таңлап алынды. Атызларда гүзги жумсақ бийдайдың жергиликли "Кеш-2016", "Аср чилгиси", "Нодир", "Турон" ҳәм сырт елдиң "Собербаш", "Темирязев-150", "Ултьра", "Алексеич", "Васса", "Еланчак" сортлары ҳәм олардың жоқары әўладлы туқымларының егилиўи дән өнимдарлығын 35-40 процентке шекем арттырды.

Егиў жумысларынан алдын жерлер лазерли тегислегишлер жәрдеминде тегисленип, дән туқымлары заманагөй ресурсты үнемлейтуғын сеялкаларда оптимал мүддет ҳәм нормалар тийкарында, фосфорлы-калийли төгинлер менен сапалы егилиўи нәтийжесинде саламат нәллер толық өсип шықты. Сондай-ақ, масақлы дән егинлери бәҳәр айларында азотлы минерал төгинлер менен 3 мәрте, микроэлементлерге байытылған биостимуляторлар менен 3-4 мәрте жапырақ арқалы азықландырылды. Бул да өнимдарлық ҳәм дәнниң сапасын арттырыўға хызмет етти.

Гүзги дән егинлериниң өсиў ҳәм раўажланыў дәўирлеринде болса кеселликлер, зыянкеслер ҳәм шөплерге қарсы химиялық гүресиўде биринши мәрте заманагөй дрон технологияларынан пайдаланылды. Нәтийжеде масақласыў-гүллеў-сүт-мум писириў дәўирлеринде өсимликлерди техника менен басып алыўдың алды алынып, штангалы шаңлатқышларға кететуғын қәрежетлер 55-60 процентке азайды, препаратлар менен сапалы ислеў бериў имканиятлары жаратылды. Таллаўларға бола, ғәлле майданларында тат кеселликлери бақланбады. Жабайы шөплер ҳәм зыянкеслер (шире, трипс, силекей қурт, зыянлы шеге) тәсиринде жоғалтылатуғын дән өниминиң 25-30 проценти сақлап қалынды.

Кекселеримиз бийкарға "қырманларымыз дәнге толсын", деп дуўа қылмайды. Себеби дән өнимлери қанша көп болса, дастурханларымыз сонша мол, базарларымызда молшылық болады. Қалаберди, бүгин дән өнимлерин жетистириў тек ғана аўыл хожалығы емес, ал глобал азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады.

Елимизде өнимдарлықтың жылдан-жылға артып атырғаны тийкарында болса ғәлле жетистириўши фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң орны үлкен. Олардың күш-ғайраты, мийнетине жараса имканиятлар ҳәм экономикалық жеңилликлер де жаратып берилмекте. Соның ишинде, 2025-жыл өниминен баслап өним жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлер бойынша процент ставкасы әмелдеги 12 проценттен 10 процентке түсирилди ҳәм усы қаржыларды тиккелей фермер хожалықларына ажыратыў тәртиби енгизилди.

2026-жыл өниминен баслап болса бийдай жетистириў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитлерди усы жылдың 1-августына шекем толық қайтарған аўыл хожалығы кәрханаларына бул кредитлер бойынша төленген процентлердиң 4 процент бөлеги мәмлекет тәрепинен компенсация етип бериледи. Мәселен, Хорезм ўәлаятында ғәлле жетистириўши 1415 фермер хожалығына ажыратылған 123 миллиард сум жеңиллетилген кредит усы жылдың 1-августына шекем толық қайтарылғаны ушын алынған кредит қаржыларының 4 проценти (5 миллиард сум) мәмлекет тәрепинен компенсация тәризинде қайтарып берилди. Бул болса ғәлле жетистириўши субъектлердиң экономикалық имканиятларын арттырып, айланыс қаржыларын көбейтиў менен бирге келеси жылы жоқары зүрәәт жетистириў имканиятларын кеңейтеди.

Соның менен бирге, суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў ушын субсидиялар ажыратылыўы нәтийжесинде жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў системалары орнатылған ғәлле майданлары сезилерли дәрежеде кеңейди. Усы жылдың өзинде ғәлле жетистириўши субъектлер тәрепинен 25,7 мың гектар майданда жаўынлатып суўғарыў технологиялары енгизилди. Буннан тысқары, ғәлле майданларының 195 мың гектары лазерли үскенелер менен тегисленип, вегетация дәўиринде ғәлле майданлары шербет усылында суўғарылыўы нәтийжесинде 2 миллиард 500 куб метр суў үнемленди.

Жоқарыда әмелге асырылған агротехникалық илажларды орынлаў ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорынан 3,9 триллион сум жеңиллетилген кредит ажыратылып, кәрханаларға системалы түрде жеткерип берилди. Жеңиллетилген кредит қаржылары фермерлерге қосымша жәрдем болмақта. Бирақ зүрәәти ҳәм дәраматы көбейгеннен кейин кредит қаржыларына мүтәжлик сезбей атырған хожалықлардың саны да артып атырғаны қуўанышлы. Мәселен, быйылғы жылы 8944 фермер хожалығы 204,2 мың гектарда (22 процент) жеңиллетилген кредит алмастан, өз қаржысы есабынан ғәлле жетистирип, 100 центнерден жоқары зүрәәт алды.

Жыйын-теримге алдыннан үлкен таярлық көрилгени де жумыс сапасын арттырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, ғәлле зүрәәтин қысқа мүддетлерде сапалы орып-жыйнаў ушын 2415 ғәлле орыў отряды шөлкемлестирилип, оларға бар болған 2976 жоқары өнимли ғәлле орыў комбайны, 14 мыңға шамалас жүк автомобили, 2527 трактор тиркеўи, 967 көшпели устахана ҳәм 1003 жанылғы қуйыў шақапшасы бириктирилди.

Жыйын-терим мәўсими басланыўына шекем болса 180 заманагөй ғәлле орыў комбайны орынларға жеткерип берилген. Нәтийжеде аймақларда ғәлле жыйын-терим мәўсими 20-24 жумыс күнин қурады ҳәм дәнниң бир мысқалы да жойтылмастан, өз мүддетинде сапалы жыйнап алынды.

Абдимухтор ЭРГАШЕВ,

Аўыл хожалығы министрлиги

Тийкарғы егинлер дийқаншылығы ҳәм агротехнологияларды

раўажландырыў департаменти баслығы