Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда атап өтилиўинше, 2026-жыл зүрәәти ушын 2 мың 91 фермер хожалығы тәрепинен жетистирилген 124 мың 900 тонна ғәлле зүрәәти жыйналды.

Бул нәтийже мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўды раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў бағдарында алып барылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.

Ерисилген жетискенликте ғәллекеш фермерлердиң машақатлы мийнети, агрономлар, механизаторлар, тараў қәнигелери және жыйын-терим процесинде белсене қатнасқан барлық хызметкерлердиң мүнәсип үлеси бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.