Соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында миллий космослық технологияларды раўажландырыў, жасалма жолдаслар бағдарламаларын кеңейтиў ҳәм космос тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. “Samarkand-2028” миссиясы бул сиясаттың әмелий нәтийжелеринен бири болып, Өзбекстанның космослық технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўындағы потенциалын халықаралық майданда көрсетиўде әҳмийетли басқыш болып есапланады.

Samarkand-2028” жолдасы "Өзбеккосмос" агентлиги ҳәм “STAR.VISION”  компаниясы арасында қол қойылған меморандум шеңберинде әмелге асырылып атырған стратегиялық бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси болып есапланады. Меморандумға муўапық, Қытай тәрепи ушырып атырған гиперспектрал жасалма жолдасқа “Samarkand-2028” атамасы берилди. Ол Австралияның Сидней қаласында болып өткен халықаралық астронавтика конгрессинде 2028-жылы Самарқандта Халықаралық астронавтика конгрессин (IAC) өткериў бойынша қабыл етилген қарардың ҳүрметине таңланған.

Жойбар шеңберинде "Өзбеккосмос" агентлиги қәнигелери жасалма жолдастың борт системасы ушын арнаўлы жасалма интеллект модулин ислеп шықты. Ол гиперспектрал мағлыўматларды тиккелей орбитада қайта ислеў имканиятын береди ҳәм Жерди аралықтан зондлаў нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырады. Алынған мағлыўматлардан аўыл хожалығы, экология, тәбийғый ресурслар мониторинги ҳәм басқа да бағдарларда пайдаланыў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта ракета старт бериўши кемениң бортына жайластырылған ҳәм старт берилетуғын орынға бармақта. Барлық таярлық жумыслары тастыйықланған график тийкарында даўам еттирилмекте.