Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген 2025-жылдың жуўмақлары ҳәм 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған баспасөз әнжуманында айтып өтилди.

Атап өтилгениндей, өткен жылы елимизде узақ мүддетли экономикалық өсиўдиң тийкары болған минерал-шийки зат базасын беккемлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Республикамыз аймағының 1:200 000 масштабтағы комплексли санлы геологиялық карталарының қәлиплестирилиўи ҳәм бирден-бир мағлыўматлар базасының жаратылыўы тараўды санластырыў бойынша ең әҳмийетли техникалық жетискенлик ҳәм стратегиялық қәдем болды. Бундай қарарлар прогнозлаўдың анықлығын сезилерли дәрежеде арттырыў, инвестициялық қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиўди жеделлестириў имканиятын береди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң қубла аймақларында космогеологиялық ҳәм геохимиялық изертлеўлер, кең көлемли аерогеофизикалық жумыслар алып барылды. Бул усыллар излеўдиң ең заманагөй қуралларына тийисли болып, тәбийий орталыққа сезилерли араласпастан перспективалы участкаларды анықлаў имканиятын береди. Таў массивлеринде толық регионаллық излениўлердиң өткерилиўи жер асты байлықларын үйрениўде улыўма таллаўдан анық исленбелерге шекем системалы қатнас жүргизилетуғынынан дәрек береди.

Нәтийжелер көпке созылмады: алтын, мыс, реңли ҳәм сийрек ушырасатуғын металлар сыяқлы қатты пайдалы қазылмалар бойынша 42 перспективалы майдан анықланды. Усы тәризде мәмлекеттиң ресурс потенциалы артып, келешектеги санаат жойбарлары ушын тийкар жаратылмақта. Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 2025-жылы улыўма қаржыландырылыўы 2,9 триллион сум болған 289 геологиялық жойбар әмелге асырылды. Үш миллион метр бураўлаў, соның ишинде, жер асты ҳәм ашық таў-кән, 2D ҳәм 3D сейсморазведка жумыслары орынланды. Жумыс көлеми тараўдың мәмлекет дәрежесиндеги үстинлигинен дәрек береди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында быйыл 16-март күни таў-кән санаатында ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелерине бағышлап өткерилген мәжилисте атап өтилгениндей, мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, робототехника, энергетика, электротехника, химия ҳәм қорғаныў санааты сыяқлы стратегиялық тармақлардың жедел раўажланыўы көп жағынан мыс, уран, литий, вольфрам ҳәм басқа да әҳмийетли металлардың шийки зат базасына байланыслы. Дүня базарларында бул ресурсларға болған талаптың артып барыўы, соның ишинде, мыс концентратының жетиспеўшилиги ҳәм оның ақыбетинде баҳаның артыўы таў-кән ҳәм металлургия санаатындағы жойбарларды жеделлестириў зәрүрлигин және де күшейтпекте.

2030-жылға шекем Өзбекстанда алтын қазып алыў көлемин 175 тоннаға, гүмисти 500 тоннаға, уранды 15 мың тоннаға ҳәм мысты 500 мың тоннаға жеткериў бойынша мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын барлық имканиятларды толық иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның ушын ҳәр бир ири жойбарды анық реже-график тийкарында әмелге асырыў, қаржыландырыў, қурылыс, логистика, технологиялық үскенелеў ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерин муўапықластырып шешиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, жер асты суўлары бойынша бағдар айрықша итибарға ылайық. Өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде күнине қосымша 180,4 мың куб метр суў резерви анықланды. Бул 100 мыңға шамалас халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятын жаратады, сондай-ақ, жаңа аўыл хожалығы жерлерин пайдаланыўға киргизиўге жәрдем береди. Демек, геология тек ғана санаатқа емес, ал социаллық тараўға, азық-аўқат қәўипсизлигине де үлкен тәсир көрсетеди.

2025-жылы таў-кән санааты кәрханалары тәрепинен 214,2 триллион сумлық өним ислеп шығарылған. Тийкарғы үлес қымбат баҳалы ҳәм реңли металлар есабынан тәмийинленди, бул тараўдың бүгинги қәнигелесиўин сәўлелендиреди. Алтын ҳәм гүмис қазып алыў бойынша көрсеткишлер толық орынланған. 148,5 мың тонна мыс ҳәм 9 млн тонна көмир қазып алынды. Мағлыўматлар өндирис тараўының турақлылығын ҳәм белгиленген ўазыйпаларды орынлай алыў имканиятын көрсетеди.

Тараўдағы тийкарғы драйверлер ири кәрханалар болып қалмақта. Мәселен, Наўайы кән-металлургия комбинаты 135,6 триллион сумлық, Алмалық кән-металлургия комбинаты 51,6 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарған. "Наўайыуран" акционерлик жәмийети 14,3 триллион сумлық өним ислеп шығарыўды тәмийинлеп, жоқары өсиў пәтлерин көрсетти. Режедеги ўазыйпалар "Өзметкомбинат" АЖ, "Өзбеккөмир" АЖ ҳәм тараўдың басқа да кәрханалары тәрепинен де орынланды. Өндиристи ири компанияларда жәмлеў өнимлердиң жәҳән базарында нәтийжелилигин ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятын береди.

Тараў экспортында да унамлы динамика бақланып, улыўма көлеми 1,7 миллиард долларды қураған. Жеткерип бериўдиң тийкарын уран, реңли ҳәм сийрек ушырасатуғын металлар қурайды. Географияны кеңейтиў ҳәм жаңа базарларға шығыў глобаллық бәсеки шараятында қәўип-қәтерлерди диверсификациялаў, валюта түсимлерин көбейтиў имканиятын беретуғын логикалық қәдем болып есапланады.

Инвестициялық белсендилик жоқары болып қалмақта. 2025-жылы улыўма баҳасы 6,8 миллиард доллар болған 37 жойбар шеңберинде бир миллиард доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилген. Жаңа өндирис қуўатлықларының иске қосылыўы көбейтиўши нәтийже береди: өндиристиң раўажланыўы экономиканың түрлес тармақларын ҳәм жумыс орынларын жаратыўды хошаметлейди.

Баспасөз әнжуманында атап өтилгениндей, 2026-жылы дерлик 3,3 триллион сум қаржы есабынан 275 геологиялық жойбарды әмелге асырыў, бураўлаў жумысларының көлемин үш миллион метрге жеткериў режелестирилген. Сейсморазведканың кеңейтилиўи жаңа перспективалы участкаларды таярлаў имканиятын береди.

Санаат тараўында өндирис көлемин 220,7 триллион сумға, экспортты 1,8 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген. Үскенелер ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўды локализациялаўға айрықша итибар қаратылмақта, бул импортты қысқартыў ҳәм мәмлекеттиң технологиялық ғәрезсизлигин арттырыў имканиятын береди.

Быйылғы инвестициялық режелер де буннан аз емес: 2,2 миллиард доллар өзлестирилиўи күтилмекте, соннан 1,9 миллиарды тиккелей сырт ел инвестициялары болып есапланады. Ири жойбарлардың әмелге асырылыўы мыңлаған жумыс орынларының жаратылыўына ҳәм социаллық-экономикалық турақлылықтың күшейиўине алып келеди.

Улыўма алғанда, белгиленген раўажланыў бағдарлары геология ҳәм таў-кән санааты Жаңа Өзбекстан экономикасының стратегиялық тийкары болып қалатуғынын көрсетпекте. Минерал-шийки зат базасын беккемлеў, технологияларды енгизиў ҳәм инвестицияларды жедел тартыў турақлы өсиў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм мәмлекеттиң глобал базардағы ролин күшейтиўге тийкар жаратады.

Максим Черногаев,

"Правда Востока".