– Халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы газ тәмийнаты тараўында да алдымыздағы гүзги-қысқы мәўсимге пуқта таярлықлар көриў жумыслары белгилеп алынған реже тийкарында жолға қойылған. Бунда ең дәслеп өткен гүзги-қысқы мәўсимде газ тәмийнаты бойынша пуқаралардан жолланған мүрәжатлерге тийкарланып аймақлар қәнигелер тәрепинен үйренилип, унамлы шешим табыў ушын ис-илажлар ислеп шығылып жумыслар баслап жиберилди, – дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы Эксплуатация бөлиминиң жетекши инженери Р.Ғаррыбаев.
2026-2027-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Нөкис районындағы газ тармақларына қурылыс-оңлаў, реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта. Райондағы Ақмаңғыт, Дарсан, Төктаў, Ақтерек, Қырантаў, Бақаншақлы мәҳәллелериндеги 3800 ден аслам хожалықты тәбийий газ бенен тәмийинлеўши диаметри 219 мм.лик улыўма узынлығы 4,9 километр болған жер асты газ тармағының 1,7 километрлик бөлегине реконструкциялаў жумыслары алып барылып, жер үстине шығарылмақта.
Усындай қурылыс-оңлаў, реконструкциялаў жумыслары Нөкис қаласында да алып барылмақта.
Нөкис қаласындағы 2026-жылдың мәнзилли бағдарламасына киргизилген Бағшылық МПЖ аймағындағы алдын ҳәрекетте болған д-219 мм.лик орта басымлы жер асты газ тармағы д-159 мм.лик газ тармағына алмастырылып, жер үстине шығарылмақта ҳәм 600 метрлик бөлеги жаңадан тартылмақта.
Газ тармақларына усы жумыслардың алып барылыўы нәтийжесинде, биринши гезекте усы аймақлардағы тутыныўшылардың газ тәмийнаты еле де жақсыланып, техникалық газ жоғалтыўлардың алды алыныўына ерисиледи.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.