28-сентябрьден баслап әмелге асырылып атырған бул пәрўазлар заманагөй ҳәм қолайлы “Airbus A320neo” самолётларында әмелге асырылмақта. Авиарейслер еки мәмлекет ҳәм регионларды бир-бирине және де жақынластырыў ҳәм туристлер ағымын көбейтиў жолындағы әҳмийетли әмелий қәдем болды.

Жаңа жөнелис бойынша имканиятларды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Ҳайдарабад қаласында “Centrum Air” авиакомпаниясы тәрепинен Өзбекстанның Ҳиндстандағы елшиханасы менен биргеликте презентация мәресими өткерилди.

Ушырасыўда елшихана дипломатлары, “Centrum Air” ўәкиллери, Ҳайдарабад аэропорты ҳәкимшилиги, MICE, шаңарақлық ҳәм топарлық туризмге қәнигелескен жүзден аслам туроператорлар, туристлик компаниялар ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген Өзбекстанның Ҳиндстандағы елшиси Сардор Рустамбаев еки мәмлекет арасында жедел раўажланып атырған сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық қатнасықлардың әҳмийетине тоқтап өтти.

Елшиниң атап өтиўинше, авиарейслер Телангана штаты ҳәм Ҳиндстанның пүткил қубла регионлары менен санлы технологиялар, фармацевтика, зергерлик ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў ушын пүткиллей жаңа имканиятлар есигин ашады.

Презентация даўамында “Centrum Air” компаниясының ўәкили қатнасыўшыларға пәрўазлар кестеси ҳәм ҳаўа кемелери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Ҳайдарабад “Centrum Air” ушын Делиден соң Ҳиндстандағы екинши жөнелиске айланды. Бул жөнелис тек ғана Қубла Ҳиндстан халқына Өзбекстанға тиккелей саяхат етиў имканиятын берип қоймастан, ал Ташкент аэропорты арқалы Орайлық Азия, ҒМДА, Жақын Шығыс ҳәм Европа мәмлекетлери бойлап қолайлы транзит коридорларын усынады.

Илаж шеңберинде мәмлекетимиздиң бай туристлик потенциалы, заманагөй мийманханалар тармағы ҳәм дем алыў орынларына бағышланған айрықша презентация көрсетилди. Кейинги 5-6 жыл даўамында Ҳиндстаннан Өзбекстанға келиўши туристлер ағымы бир неше есеге артқаны атап өтилип, жаңа жөнелислер арқалы бул көрсеткишти және де жоқары дәрежеге алып шығыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Бул бағдарда Ҳайдарабад туризм, студентлер алмасыўы, туўысқанлар ҳәм дослардың ҳалынан хабар алыў және халықаралық транзит саяхатлар ушын шексиз базар болып есапланады. “GMR Hyderabad International Airport Ltd” (GHIAL) ўәкиллериниң атап өтиўинше, бул жаңа жөнелис аймақлараралық байланысты жаңа басқышқа алып шығып, бизнес, саўда ҳәм мәдений алмасыўларды сезилерли дәрежеде жеделлестиреди.

Дәслепки рейс Ҳайдарабад аэропортынан “GHIAL” компаниясы, “Centrum Air” ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген салтанатлы мәресим менен шығарып салынды.