Мәмлекетимиз басшысы барлық аймақларда санластырыў ҳәм жасалма интеллект
технологияларын жедел раўажландырыў, жоқары дәраматлы жумыс орынларын ҳәм
заманагөй қуўатлықларды жаратыў Жаңа Өзбекстандағы реформалардың әҳмийетли
бағдарларынан бири етип белгиленгенин атап өтти.
Усы мақсетте әҳмийетли бағдарлама ҳәм қарарлар қабыл етилип, олар
шеңберинде системалы илажлар әмелге асырылмақта, зәрүр қаржылар ҳәм жуўапкерлер
анық көрсетип өтилди.
Атап
өтилгениндей, жыл басынан берли тек ғана Наманган ўәлаятына 2 миллиард доллар
сырт ел инвестициясы тартылған. Бүгинги күнде Қытай, Түркия, Ҳиндстан ҳәм
россиялы шериклер менен улыўма баҳасы 1,8 миллиард доллар болған 20 жаңа
қуўатлық иске қосылмақта.
Олардың есабынан
фармацевтика, жеңил санаат, электротехника, азық-аўқат, химия, қурылыс
материаллары сыяқлы тараўларда 6,5 мың жумыс орны жаратылады ҳәм 30 дан аслам
жаңа түрдеги өнимлер ислеп шығарыў өзлестириледи. Бул жойбарлардың нәтийжесинде
ўәлаят экономикасы 3,6 триллион сумға, экспорт 200 миллион долларға, бюджет
түсимлери 400 миллиард сумға артады.
Соның менен
бирге, Наманган ўәлаятында санаат, туризм, саўда комплекслери ҳәм турақ жайлар
қурылысына үлкен пәт бағышлайтуғын улыўма баҳасы 4 миллиард долларлық және 28
жойбар басланбақта.
Президентимиз
Наманган ўәлаятында 1,6 миллионнан аслам жаслар жасайтуғынын, бул үлкен
социаллық-экономикалық капитал екенин атап өтти. Ўәлаятта жигит-қызларда IT ҳәм
жасалма интеллект тараўында заманагөй компетенцияларды қәлиплестириў, оларды
жоқары дәраматлы кәсиплерге үйретиўге қаратылған кең көлемли стартап жойбарлары
әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Экспертлердиң
есап-санақларына бола, Өзбекстанның жасалма интеллект тараўындағы потенциалы 10
миллиард долларды қурайды. Оны реал имканиятларға, имканиятларды анық
жойбарларға, жаңа жумыс орынлары ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлерге айландырыў
зәрүр екенлиги атап өтилди.
Кейинги жылларда
Нөкис, Қаршы, Термиз, Үргенш ҳәм Ферғана қалаларында заманагөй IT-парклер
шөлкемлестирилди. Өткен жылы октябрьде пайтахтымызда IT-парк жойбарының екинши
басқышы иске қосылған еди.
Қытайлы шериклер
менен биргеликте әмелге асырылып атырған 117 миллион долларлық ири жойбар
шеңберинде республикамыздың алты аймағы - Жаңа Наманган, Самарқанд, Шыршық,
Нурафшон, Үргенш ҳәм Наўайыда IT-парклер қурылады. Жаңа Наманганда қурылатуғын IT-парк
бул бағдардағы дәслепки қалдырғаш болады.
Жойбар Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-февральдағы "Елимизде санластырыў
тараўындағы хызметлер экспортын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар
ҳаққында"ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.
Жойбар шеңберинде
1,7 гектар майданда 17 қабатлы заманагөй имарат қурылады. Объект "таяр
ҳалда" принципи тийкарында пайдаланыўға тапсырылады - жойбарластырыў ҳәм
қурыўдан толық ишки үскенелениўге шекемги барлық басқышлар сырт елли бирге
ислесиўшилер тәрепинен әмелге асырылады.
Дерлик 18 мың
квадрат метр майданды ийелеген бул заманагөй комплексте билимлендириў ҳәм экспорт
орайлары, коворкинг ҳәм офис ханалары, стартап акселераторы, сырт елли
компаниялар ушын қәнигелестирилген хызметлер системасы шөлкемлестирилмекте.
Бул жерде онлаған
компания ҳәм стартап студиялар бирден-бир IT
экосистема сыпатында жумыс
алып барады. Комплекс шеңберинде наманганлы жаслар ушын 2 мыңға шамалас жоқары
дәраматлы жумыс орны жаратылады.
Жойбардың әмелге
асырылыўы ўәлаятта IT-хызметлердиң жыллық көлемин 500 миллиард сумға, экспортты
болса 30 миллион долларға жеткериў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз
басшысы жойбарды әмелге асырыўда қатнасып атырған сырт елли шериклерге
миннетдаршылық билдирди. Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Наманган
IT-паркин қурыўға тырнақ тасын қойды.
Усы жерде
ўәлаятта әмелге асырылған жойбарларды иске қосыў ҳәм жаңа қуўатлықлардың
қурылысын баслаў мәресими болды.