Әлбетте, Ҳүрметли Президентимиздиң халық ушын жаратып атырған имканиятлары инсан қәдирин улығлаўға хызмет етпекте. Инсан қәдири жоғалған жерде келешек жарқын болады. Ҳәр бир қәдемде раўажланыў, қурылыс ҳәм абаданластырыў процесслери ҳәўиж алған.

Ең әҳмийетлиси, аймақ экономикасына жаңа санаат кәрханалары ҳәм заманагөй технологиялар кирип келмекте. Жергиликли шийки затты терең қайта ислеў, таяр өним ислеп шығарыў, экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм жасыл энергетиканы раўажландырыўда Қарақалпақстан санаатының жаңа келбетин қәлиплестирмекте. Усы мәнисте бүгинги дөретиўшилик жумыслары тек ғана ҳәзирги экономикалық талапларға емес, ал аймақтың узақ мүддетли раўажланыўы ушын хызмет етеди.

Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығын салтанатлы белгилеў процесинде Қарақалпақстанда жәми 12 объект, соның ишинде 117 миллиард сум қаржы есабынан жаңадан реконструкцияланған Туран футбол стадионы, 3,1 триллион сумлық 200 мегаваттлы самал электр станциясы ҳәм 100 мегаваттлы энергия сақлаў системасы, 153 миллиард сумлық Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы, 12 миллион долларлық ҳәк ислеп шығарыў заводы, халықаралық финанс институтлары тәрепинен қаржыландырылып, 167,7 миллиард сум есабынан реконструкцияланған Маңғыт суў тазалаў имараты, Нөкис қаласында 15 миллион долларлық газоблок ислеп шығарыў кәрханасы, Кегейлиде 4 миллион долларлық ДВП өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары сыяқлы объектлер иске қосылды. Әлбетте, бул ири жойбарлар ҳүрметли Президентимиздиң әдил сиясаты, басқа мәмлекетлер менен жақсы қатнасықлардың нәтийжесинде әмелге асырылмақта. Инвестициялар халқы тыныш, халқы мийнеткеш Өзбекстанымызға, соның ишинде Қарақалпақстанымызға кирип келмекте.

Сондай-ақ, Нөкис районы аймағында 60 миллиард сумлық қусшылық комплекси, Уллы Британияның 3,3 миллиард сумлық “Pearson Btec” халықаралық билимлендириў бағдарламасы жойбары, Нөкис қаласында 21 миллиард сумлық заманагөй жеке меншик мектеп, Тақыятас районындағы 8,5 миллиард сум есабынан жаңадан қурылған 23-санлы улыўма билим бериў мектеби, Шымбай районында 13,4 миллиард сумлық жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң пайдаланыўға тапсырылыўы сөзимиздиң дәлили.

Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында энергетика тараўы, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия бағдарына сырт ел инвестицияларының жедел тартылыўы, өндирис қуўатлықларының санын кеңейттирмекте. Нөкис 2 - Азия раўажланыў банкиниң қуўатлылығы 200 мегаватт болған ири самал энергетикасы жойбарларынан бири болып есапланады.

Қараөзек районында қуўатлылығы 200 мегаватт болған заманагөй самал электр станциясы иске қосылды. Жаңа объекттиң әҳмийетин оның өндирислик қуўатлылығы ҳәм жыллық көрсеткишлери де айқын көрсетеди. Станция толық қуўатлылықта ислегенде жылына дерлик 701 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарады. Бул дерлик 292 мың шаңарақтың 1 жыллық электр энергиясынан пайдаланыўына тең. Итибарлы тәрепи, комплексте 100 мегаватт қуўатлылыққа ийе энергия сақлаў системасы да қурылған. Себеби, самалдың тезлиги барқулла бирдей емес. Энергия сақлаў системасы болса ислеп шығарылатуғын электр энергиясын резервлеў ҳәм зәрүр болғанда тармаққа узатыў арқалы электр тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ҳүрметли Президентимиздиң "Бизиң уллы ҳәм ийгиликли мақсетимиз - биргеликтеги пидайы мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстан қурамында Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады" деген шақырығы Қарақалпақстан халқын жаңа шеклерге қарай шақырады, ҳәр биримизди Ўатанға хызмет етиў жуўапкершилигин ҳәм мақтанышын және де арттырады.

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары аймақтың экономикалық ҳәм социаллық потенциалын және де арттырып, жаңа имканиятлар жаратып береди. Ең әҳмийетлиси, инсанлардың турмысын жақсылаўға хызмет етеди.

Қонақбай ТУРДЫБАЕВ,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры,

филология илимлериниң докторы.