Өзбекстан Республикасы
менен Ҳиндстан Республикасы арасындағы тарийхый дослықты, кең көлемли
стратегиялық шерикликти беккемлеўге қосқан үлкен жеке үлеси, көп қырлы бирге
ислесиўди тереңлестириў ҳәм жаңа басқышқа көтериў, сиясий, саўда-экономикалық
ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў, сондай-ақ, халықларымыз арасында
мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириўдеги айрықша хызметлери ушын
Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Дамодардас Моди Өзбекстан
Республикасының "Олий Даражали Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев