Илажға институт
профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ, Қазақстан, Польша мәмлекетлеринен илимпазлар
ҳәм студент-жаслар өз баянатлары менен қатнасты.
Конференция
мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыўдың заманагөй тенденциялары,
тараўда жасалма интеллект тийкарында балаларда креативликти раўажландырыў,
Сингапур тәжирийбеси тийкарында мектепке шекемги жастағы балаларда түсиниклерди
қәлиплестириў, сондай-ақ, балаларды күнделикли қәўиплерден сақлаў сыяқлы
ўазыйпаларға арналды.
Конференция
даўамында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде сырт ел тәжрийбесинен
пайдаланған ҳалда «Ойынға бағдарланған тәлим ҳәм тәрбия» процесин алып барыў,
мектепке шекемги жастағы балаларда паремикалық жанрлар арқалы экологиялық
мәдениятты раўажландырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ,
мектепке шекемги тәлимде инновациялық изертлеўлерди жетилистириў, жүзеге келип
атырған ҳәр қандай машқалаларға илимий шешимлерди табыў бойынша өз ара бирге
ислесиўди жетилистириўге бағдарланған усыныслар ислеп шығылды.
Илаж соңында
институттың мектепке шекемги тәлим бағдары 3-курс әмелиятшы студентлериниң Нөкис
қаласындағы 48-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшылары
менен биргеликте шөлкемлестирген концерт бағдарламасы конференция
қатнасыўшылары нәзерине усынылды.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.