Бундай жоқары нәтийжелерге ерисиў болса, өз гезегинде, билимлендириў мазмуны ҳәм оқыў бағдарламалары менен бирге, процести тиккелей әмелиятқа енгизетуғын педагогтың кәсиплик таярлығы ҳәм шеберлигине байланыслы. Усы мәнисте, бүгин педагог кадрларды таярлаўға тек ғана диплом бериў мәресими емес, ал заманагөй мектеп ушын зәрүр болған кәсиплик компетенциялар, бейимлесиўшең көнликпелер ҳәм жоқары жуўапкершиликке ийе қәнигени қәлиплестириў процеси сыпатында қаралмақта.
Президентимиз жанында усы жыл 28-сентябрь күни билимлендириў тараўындағы реформалардың гезектеги ўазыйпаларына бағышлап өткерилген презентацияда да мектеп билимлендириўи мазмунын жаңалаў, жаңа әўлад сабақлықларын енгизиў, педагогларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары ҳәм кәрханалар, шөлкемлер менен биргеликте дуал билимлендириўди нәтийжели шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Бул ўазыйпалардың ҳәр бири билимлендириў сапасына тиккелей тәсир көрсетеди. Бирақ олардың улыўма әмелий нәтийжеси, бәринен бурын, жаңаланған билимлендириў мазмунын мектеп аудиториясы ҳәм класына шеберлик пенен енгизе алатуғын жаңа әўлад педагогларын таярлаў дәрежеси менен белгиленеди. Себеби мектептеги билимлендириў нәтийжеси тек сабақлықта не жазылғаны ямаса бағдарламада қандай темалар белгиленгени менен емес, ал педагог сол мазмунды оқыўшыға қалай жеткере алыўы ҳәм оның пикирлеў қәбилетин қай дәрежеде раўажландыра алыўы менен белгиленеди.
Жаңа сабақлықтың тәғдири оны оқытатуғын педагогқа байланыслы
Заманагөй билимлендириў алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири оқыўшыға тек ғана информация ҳәм таяр қағыйдаларды сиңдириў менен шекленбейди. Онда еркин пикирлеў, дөретиўшилик, мәлимлемени таллаў ҳәм парықлаў, сөйлесиў ҳәм өз қарарын тийкарлап бере алыў көнликпелерин қәлиплестириў тийкарғы орынға шықпақта. Бундай заманагөй қатнас сабақлық мазмунынан баслап, сабақты шөлкемлестириў ҳәм оқыўшының билимин баҳалаўға шекемги пүткил комплексти қайта көрип шығыўды талап етеди. Бирақ ең жетилискен жаңа сабақлық та билимлендириў нәтийжесин автоматикалық түрде өзгертип қоймайды. Ондағы тапсырмалар, сораўлар ҳәм әмелий тапсырмаларды муғаллимниң сабақта қалай қолланыўы шешиўши әҳмийетке ийе. Мәселен, таяр қағыйда ямаса формуладағы билимди ядлатыў менен оқыўшыны усы қағыйданы өз бетинше ойлап табыў ҳәм түрли жағдайларда қолланыўға бағдарлаў арасында түпкиликли парық бар. Биринши жағдайда тийкарғы итибар мағлыўматты әпиўайы өзлестириўге қаратылса, екинши жағдайда билимди аңлаў, талқылаў ҳәм әмелде қолланыў орталығы жүзеге келтириледи. Демек, билимлендириў мазмуны ҳәм бағдарламалары жаңаланып атырған бир шараятта педагогтың сабақты режелестириў, оқыўшыны белсендилестириў ҳәм оның раўажланыў динамикасын талқылаўға байланыслы методикалық көнликпелери де әйне усы реформалар пәтине сәйкес түрде раўажланыўы керек.
Дипломнан кәсиплик компетенцияға шекем
Бүгинги мектепке қандай мугаллим керек? Бул сораўға тек ғана "жоқары мағлыўматлы қәниге" деген дәстүрий жуўап жетерли емес. Заманагөй педагог өз пәнин терең билиўи менен бирге, баланың жас ҳәм индивидуал психологиялық өзгешеликлерин түсиниўи, сабақты анық мақсетке бағдарланған ҳалда шөлкемлестириўи, цифрлы қураллардан өнимли пайдаланыўы ҳәм искерлигин бәрқулла сын көзқарастан талқылай алыўы керек.
Усы көзқарастан, педагог кадрлар таярлаў системасына қатнас жасаўда да орайлық мәселе өзгермекте. Енди гәп тек ғана студент қайсы пәнлерди үйренгени, қандай имтихан тапсырғаны ямаса қандай диплом алғаны ҳаққында емес. Ең әҳмийетли ҳәм бирден-бир өлшем ол кәсиплик педагогикалық жумысты өз бетинше ҳәм сапалы орынлаўға қай дәрежеде таяр екенлигинде.
Болажақ муғаллим сабақты заманагөй стандартлар тийкарында режелестире алады ма? Класстағы оқыўшылардың ҳәр қыйлы билим дәрежеси ҳәм зәрүрликлерин парықлай алады ма? Өзлестириўдеги қыйыншылықларды өз ўақтында анықлап, оларды сапластырыўдың методикалық жолларын усыныс ете алады ма? Теориялық билимлерди реал класс жағдайында қоллана алады ма?
Педагогикалық билимлендириў бағдарламаларын жетилистириўде әйне усы сораўлар тийкарғы ўазыйпа сыпатында қойылыўы керек. Президентимиздиң 2025-жыл 28-апрельдеги "Педагог кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында педагог кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, педагогикалық билимлендириў бағдарламаларын халықаралық тәжирийбе ҳәм стандартлар тийкарында жаңалаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленгени мине усы бағдардағы реформалар системалы түрге енип атырғанынан дәрек береди.
Халық аралық тәжирийбе мақсет емес, нәтийжели курал
Педагогикалық билимлендириў бағдарламаларын халықаралық тәжирийбеге бейимлестириў ҳаққында сөз болғанда, оны шет ел әдебиятларын оқыў режесине киргизиў ямаса шет тилинде сабақ өтиў менен шеклеп болмайды. Халықаралық тәжирийбениң тийкарғы баҳасы ҳәм әҳмийети билимлендириў нәтийжелерин дурыс белгилеў, педагогикалық компетенцияларды басқышпа-басқыш раўажландырыў ҳәм оларды қалыс баҳалаўдың нәтийжели усылларын үйрениўден ибарат. Мәселен, сын көзқарастан пикирлеў, дөретиўшилик, қарым-қатнас ҳәм жәмәәтте бирге ислесиў көнликпелери бүгинги билимлендириўдиң тийкарын қурамақта. Бундай көнликпелерди оқыўшыда қәлиплестириў ушын педагогтың өзи, бәринен бурын, оларды раўажландырыўшы методларды жақсы дәрежеде ийелеген болыўы зәрүр.
Дуал билимлендириў: теорияның турмыстағы сынағы
Педагог кадрларды таярлаўда теория ҳәм әмелият арасындағы үзликсиз байланысты тәмийинлеў стратегиялық әҳмийетке ийе. Себеби ҳақыйқый педагогикалық шеберлик лекция тыңлаў ямаса методикалық қолланбаларды оқыў арқалы қәлиплеспейди.
Усы жағынан дуал билимлендириў системасының орны жүдә үлкен. Ол жоқары оқыў орнындағы теориялық таярлықты тиккелей болажақ жумыс орнындағы әмелий жумыс пенен бирлестиреди.
2026/2027-оқыў жылынан баслап мектепке шекемги билимлендириў тараўында жумыс алып барып атырған орта арнаўлы мағлыўматлы педагоглар ушын "5+1" модели тийкарында бакалаврлар таярлаўды жолға қойыў да мине усы заманагөй қатнастың әмелий көриниси болып есапланады. Бул модельде студент бес күн тиккелей билимлендириў шөлкеминде әмелий жумыс алып барады. Бир күни болса педагогика жоқары билимлендириў шөлкеминде теориялық ҳәм методикалық билимлерди тереңлестиреди. Бул жерде ең әҳмийетли тәрепи студенттиң әмелиятта болған ўақтының көлеми емес, ал сол ўақытта ол қаншелли сапалы кәсиплик тәжирийбе ҳәм көнликпе арттырғанлығы болып табылады. Студент аудиторияда бала психологиясы ямаса баҳалаў усылларын үйренсе, жумыс орнында олардың реал турмыста қандай көриниўин бақлайды ҳәм әмелде қолланады.
Дуал билимлендириўдиң тийкарғы мәниси - жоқары билимлендириў шөлкеми ҳәм жумыс бериўшиниң өз алдына емес, ал бирден-бир кәсиплик таярлық процесиниң тең ҳуқықлы ҳәм жуўапкер қатнасыўшылары сыпатында ҳәрекет етиўинде.
Санластырыў: технология емес, жана педагогикалық орталық
Президентимиз жанындағы презентацияда билимлендириў процесинде видеосабақлар, анимациялар, аудиоматериаллар ҳәм интерактив тапсырмалардан пайдаланыў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Бундай санлы қураллар билимлендириў мазмунын көргизбели ҳәм түсиникли жеткериў, оқыўшының сабаққа қызығыўшылығын арттырыў имканиятын береди.
Бирақ санлы ресурслар ҳәм платформалардың бар екенлиги өз-өзинен билимлендириў сапасының артыўын кепиллемейди. Тийкарғы мәселе педагог бул ресурслардан қандай мақсетте ҳәм қай дәрежеде методикалық саўатлылық пенен пайдаланыўында. Мәселен, анық пәнлер бойынша санлы қурал формула ямаса сызылманы экранда көрсетиў менен шекленбей, оқыўшыға қурамалы нызамлылықларды түсиниў ҳәм ҳәр қыйлы альтернатив шешимлерди салыстырыўға хызмет етиўи керек. Демек, санластырыўдың ең әҳмийетли факторы компьютер ямаса платформа емес, ал педагогтың санлы компетенциясы. Сол себепли санлы педагогиканы өз алдына пән сыпатында емес, ал пүткил пәнди оқытыў методикасының ажыралмас бөлегине айландырыў зәрүр. Бунда жасалма интеллект қуралларынан жуўапкершиликли пайдаланыў, информацияның исенимлилигин тексериў ҳәм санлы қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў де оқытыўшының кәсиплик таярлығының қурамына киреди.
Баҳалаў системасы ҳәм кәсиплик өсиўди хошаметлеў
Билимлендириўдеги өзгерислердиң және бир тийкарғы бағдары оқыўшылардың билимин баҳалаў усылларын модернизациялаў болып табылады. Егер оқыўшыдан ғәрезсиз пикирлеў ҳәм билимди әмелде қолланыў талап етилсе, ал баҳалаў тек ғана фактикалық мағлыўматларды ядтан айтып бериў арқалы әмелге асырылса, оқытыў мақсети ҳәм нәтийжеси арасында теңсалмақлылық жүзеге келеди.
Педагогтың кәсиплик раўажланыўын баҳалаўда да тек тест нәтийжелери ямаса қәнигелигин арттырыў курсларының сертификаты менен шекленип қалмаў керек. Пәнди билиў ҳәм басқаларга нәтийжели үйрете алыў - өз ара байланыслы, бирақ ҳәр қыйлы педагогикалық көнликпелер. Педагогтың сабақты шөлкемлестириў шеберлиги, оқыўшылар менен қарым-қатнас орнатыўы ҳәм реал билимлендириў нәтийжелери тийкарғы нормаға айланыўы керек.
Жаңа әўлад сабақлықлары, педагоглардың маманлығын арттырыў, халықаралық тәжирийбеге тийкарланған бағдарламалар, дуал билимлендириў, санластырыў ҳәм баҳалаў системасын жетилистириў - булардың барлығы бирден-бир системаның бөлеклери. Олар бөлек-бөлек емес, ал бир-бирин толықтырған ҳалда әмелге асырылғанда күтилген жоқары нәтийжени береди.
Билимлендириў реформаларының ақырғы нәтийжеси орынланған илажлар саны менен емес, ал мектепке кирип киятырған жаңа әўлад педагогларының кәсиплик дәрежеси ҳәм олар тәрбиялап атырған, еркин ҳәм сын көзқарастан пикирлейтуғын оқыўшылардың билими, турмысқа таярлық дәрежеси менен өлшенеди.
Икромжон РАҲИМОВ,
Низамий Ганжаўий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университети оқыў-методикалық басқармасы баслығының орынбасары