Онда республикамыз басшысы соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл еткен қарар ҳәм пәрманлары тийкарында жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ашық пикирлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда республикамыз жасларына жаратылған бир қатар жеңилликлер ҳәм қосымша имканиятлар айтып өтилди.

Сондай-ақ, өткерилген ушырасыў даўамында жаслар да өзиниң жаңа басламалары ҳәм усынысларын билдирди.

Илаж соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ушырасыўда жаслар тәрепинен билдирилген ҳәр бир мәселени итибарға алып, оның алдағы ўақытлары әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.