Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Пакистанды Шанхай бирге ислесиў шөлкемине болажақ басшылығы менен қызғын қутлықлады.

Усы жылдың февраль айында Исламабадқа әмелге асырылған тарийхый сапар ҳәм жоқары дәрежедеги ушырасыўлар мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққаны айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм логистика тараўларындағы бирге ислесиў көлемин буннан былай да кеңейтиў бойынша пикир алысылды.

Аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық тараўдағы байланысларды раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, усы жылы Хийўа қаласында Аймақлар форумын өткериўге таярлық көрилмекте, Пакистанда Өзбекстан мәденияты ҳәм кино күнлерин өткериў режелестирилген.

Тоқымашылық санааты, медицина, фармацевтика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде биргеликтеги "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.