Пилотаж жойбары шеңберинде елатлы пунктлерге жақын жайласқан мешитлерде арнаўлы қурылмалар орнатылмақта. Бул АЖМға қыстаўлы хабарларды мешитлердиң сыртқы радиокарнайлары арқалы оператив жеткерип бериў имканиятын береди.
Ҳәзирги күнге шекем қурылмалар жети ўәлаятта: Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Сырдәрья, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы 272 мешитке орнатылған.
Мешитлер бийкарға таңланбаған: олар дәстүрий түрде абырайлы социаллық институт есапланады ҳәм дерлик барлық елатлы пунктлерде жайласқан. Жоқары қуўатлы сыртқы радиокарнайлар еситилиў радиусын 500 м ден 2000 м ге шекем тәмийинлейди. Жойбар есап-санақларына бола, мешитлер арқалы 6,5 миллионға шамалас адамды, соның ишинде, ерлер, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қамтып алыў мүмкин.
Бундай хабарландырыў каналының абзаллығы сонда, қыстаўлы хабарларды мобил байланыс ҳәм энергия тәмийнаты үзилген жағдайда да жеткерип бериў мүмкин.
"Өзбекстан жәмийетшилигиниң қәўипли тәбийғый ҳәдийселерге шыдамлылығын арттырыў ушын комплексли ерте хабардар етиў системасын жетилистириў" жойбары БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Өзгидромет пенен биргеликте Жасыл климат қорының қаржылары есабынан әмелге асырылмақта. Онда мәмлекеттиң халық тығыз жасайтуғын ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе таўлы аймақларындағы суў тасқынлары, селлер, көшки, қар көшиўи ҳәм гидрологиялық қурғақшылыққа итибар қаратып, ескертиў системасын модернизациялаў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, халықты хабардар етиў мақсетинде адамлар көп жыйналатуғын орынлардың тийкарғы трассалары бойлап 28 сыртқы кең форматлы экранлар орнатылды.