Жаңа санлы платформа тарқалған экологиялық мағлыўматларды бирден-бир
системаға бирлестириў, мәмлекетимиздиң тәбийғый мийрасын үйрениў, мониторинг
етиў ҳәм сақлаў ушын заманагөй мәлимлеме тийкарын жаратыўға қаратылған.
Оны иске қосыў мәресими Green
University жанындағы Орайлық Азия экология
ҳәм қоршаған орталық илимий-изертлеў орайында болып өтти. Илаж Экология ҳәм
климат өзгериўи бойынша миллий комитети, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Green
University, илимий жәмийетшилик,
халықаралық шөлкемлер, раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилер ҳәм ғалаба хабар
қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында болып өтти.
“ECODATA”ның иске
түсирилиўи пүткил дүнья жүзилик тәбиятты қорғаў күнинде символикалық мәнисте
болып өтти - бул күн қоршаған орталықты сақлаў тек ғана экологиялық
жуўапкершиликти емес, ал заманагөй қуралларды да талап ететуғынын еслетеди, -
деп атап өтти Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети баслығының
орынбасары Жусипбек Казбеков. - Бүгинги күнде санлы технологиялар тәбийғый
процесслерди анығырақ көриў имканиятын бермекте: ол ямаса бул түр қай жерде
жайласқаны, оның саны қалай өзгерип атырғаны, қайсы аймақларға ең көп күш түсип
атырғаны ҳәм қай жерде қосымша қорғаў илажлары зәрүр екенлигин түсиниў
имканиятын бермекте. “ECODATA” экологиялық мағлыўматларды мәмлекет, илимпазлар,
қәнигелер, халықаралық шериклер ҳәм жәмийет ушын әмелий қуралға айландырыўға
қаратылған. Себеби, тәбиятты нәтийжели қорғаў исенимли мағлыўматлардан
басланады. Келешек әўладқа тәбийғый мийрасты сақлап қалыў болса билимге
тийкарланған қарарлардың нәтийжеси болып есапланады”.
Презентацияда
"мағлыўматлар → таллаў → шешим" принципи тийкар етип алынған. Система
тек ғана экологиялық мағлыўматларды сақлаў емес, ал ўақытқа байланыслы
өзгерислерди көриў, аймақлар бойынша көрсеткишлерди салыстырыў, айырым түрлер
ҳәм аймақлардың жағдайын бақлап барыў ҳәм алынған мағлыўматлардан және де
тийкарлы басқарыў қарарларын қабыл етиўде пайдаланыў имканиятын береди.
Платформа
Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети
тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Глобал экологиялық фонды менен
биргеликтеги Aral Sea Wetlands жойбары шеңберинде ислеп шығылған.
Бир пүтин система
жаратылғанға шекем экологиялық мағлыўматлар түрли формат ҳәм дереклерде
сақланып, маглиўматларды салыстырыў, мониторинг өткериў ҳәм анализ таярлаў
қыйын еди. “ECODATA” ҳайўанлар ҳәм өсимликлер, айрықша қорғалатуғын тәбийғый
аймақлар, тоғайлар, суў бассейнлери, жайлаўлар, тәбияттан пайдаланыў ҳәм
мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматларды бирден-бир санлы мәканда
бирлестиреди. Бүгинги күнде платформа 7 модул, 60 тан аслам өз-ара байланысқан
кестелерди өз ишине алып, мәмлекетимиздиң барлық аймақларын қамтып алған.
Өзбекстанның
биологиялық ҳәр түрлилиги ҳаққындағы мағлыўматларды системаластырыў тийкарғы
бағдарлардан бири болып есапланады. Бул система ҳайўанлар ҳәм өсимликлер, соның
ишинде, Қызыл китапқа киргизилген түрлердиң есабын жүргизиў, олардың саны,
тарқалыўы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў жағдайын бақлап барыў, мәмлекетлик
қорықханалар, миллий бағлар, буйыртпаханалар, тоғай ҳәм аңшылық хожалықлары,
балықшылық объектлери, экологиялық туризм зоналары ҳаққындағы мағлыўматлар
менен ислесиў имканиятын береди.
“ECODATA”ның әҳмийетли
өзгешелиги мобиль модуль жәрдеминде мағлыўматларды тиккелей тәбийғый аймақларда
жыйнаў имканияты болады. Қәнигелер GPS координаталары ҳәм фотосүўретлерге
байланысқан ҳалда бақлаўларды белгилей алады, байланыс болмаса, интернетке
жалғанғаннан кейин мағлыўматлар автоматикалық түрде синхронластырылады. Пуқаралардың
қатнасыў имканияты да нәзерде тутылған: пайдаланыўшылар өсимликлер ҳәм
ҳайўанларды бақлаў ҳаққындағы мағлыўматларды кейин ала қәнигелер тәрепинен
тексериў ушын жибериўи мүмкин болады.
“ECODATA” тек
ғана информация базасы сыпатында емес, ал тәбийий ресурсларды басқарыў қуралы
сыпатында да жаратылады. Платформа әҳмийетли мағлыўматлар тийкарында квоталарды
есаплаў, айырым мәмлекетлик хызметлерди электрон форматта көрсетиў, илимий
изертлеўлер ҳәм узақ мүддетли экологиялық мониторинг ушын бирден-бир базаны
қәлиплестириў имканиятын береди.
- Илимий
шөлкемлер изертлеў ҳәм мониторинг нәтийжелерин тиккелей системаға жүклеп,
мағлыўматлардың топланатуғын архивин қәлиплестиреди, - деп қосымша етти БМШ
Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фудзи. - Бул бир
неше жыллар даўамында түрлердиң саны ҳәм тарқалыўындағы өзгерислерди таллаў ҳәм
қосымша итибарды талап ететуғын аймақлар ямаса түрлерди анықлаў имканиятын
береди. “ECODATA” Өзбекстанның тәбиятты қорғаў тараўындағы халықаралық
миннетлемелерин орынлаў ушын да мәлимлеме тийкарын жаратады. Система бир қатар
халықаралық конвенция ҳәм басламалар менен байланыслы мағлыўматлар ҳәм
процесслерди есапқа алады.
Келешекте
платформаны және де раўажландырыў: мобиль қосымшаны кеңейтиў, GIS интеграциясын
күшейтиў, сийрек ушырасатуғын түрлердиң саны күтә азайғанда автоматикалық
ескертиўлерди енгизиў, климат өзгериўиниң тәсирин баҳалаў бойынша аналитикалық
қуралларды раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық мәлимлеме системалары менен
интеграциялаў режелестирилген.