Прогноз нәтийжелерине бола, келеси жылларда Өзбекстанда туўылыўлар саны
артыўы даўам етеди:
2030-жыл - 892,7 мың.
2040-жыл - 1 016,1 мың.
2050-жыл - 1 234,1 мың.
Солай етип, 2050-жылға барып туўылыўлар саны 2025-жылға салыстырғанда
354,5 мың адамға ямаса 40,3 процентке артыўы прогноз етилмекте.
Аймақлар кесиминде ең жоқары өсиў пәтлери:
Ташкент ўәлаяты - 62,0%;
Ташкент қаласы - 61,0%;
Әндижан ўәлаяты - 48,6%;
Самарқанд ўәлаяты - 43,3%;
Наманган ўәлаяты - 42,4%.
Туўылыўдың улыўма
коэффициентине келетуғын болсақ, орта мүддетли келешекте оның азмаз төменлеўи
ҳәм кейин ала турақлы өсиўи күтилмекте. Республика бойынша бул көрсеткиш:
2030-жылы - 21,2
промилле;
2040-жылы - 20,8
промилле;
2050-жылы - 21,9
промилле.
2050-жылда
туўылыў коэффициенти ең жоқары болжанған аймақлар:
Сурхандәрья
ўәлаяты - 24,7 промилле;
Қашқадәрья
ўәлаяты - 23,8 промилле;
Наманган ўәлаяты
- 23,1 промилле;
Самарқанд ўәлаяты
- 23,1 промилле;
Әндижан ўәлаяты -
22,9 промилле;
Ташкент қаласы -
22,3 промилле.
Кейинги жылларда
туўылыўлар санының өсиўи билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги
билимлендириў, турақ жай тәмийнаты, социаллық хызметлер ҳәм мийнет базары
инфраструктураларына болған талаптың артыўына алып келеди.
Усы мүнәсибет
пенен демографиялық өзгерислерди алдыннан баҳалаў мәмлекетлик ресурсларды
нәтийжели бөлистириў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм инсан капиталына
инвестицияларды стратегиялық жақтан режелестириў имканиятын береди.