Жойбар Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы стратегиялық шериклик, сондай-ақ, әскерий-медициналық ҳәм билимлендириў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўдың гезектеги әмелий үлгиси болды. Бул баслама Өзбекстанның Нью-Делидеги елшиханасы ҳәм Ҳиндстанның Ташкенттеги елшиханасының жақыннан муўапықластырылыўы ҳәм жедел жәрдеми менен әмелге асырылып, гуманитарлық жүктиң жедел жеткерилиўи тәмийинленди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Клиниканың салтанатлы ашылыў мәресиминде Қәўипсизлик ҳәм қорғаныў әскерий университети баслығының биринши орынбасары, генерал-майор Фарҳоджон Шерматов, Ҳиндстанның Өзбекстандағы елшиси Смит Пант, әскерий хызметкерлер ҳәм ветеранлар қатнасты.

Илаж шеңберинде Қорғаныў министрлигиниң әскерий госпитальлары ушын заманагөй диагностика ҳәм емлеў үскенелери, арнаўлы реанимобиль, сондай-ақ, 4 комплект травматологиялық үскенелердиң рәсмий саўғасы өткерилди. Үскенелер Ҳиндстан ҳүкимети тәрепинен бийғәрез жәрдем сыпатында берилди.

Медициналық инфраструктураны модернизациялаў шеңберинде поликлиникаға улыўма баҳасы 500 мың долларлық 49 атамадағы 70 тен аслам заманагөй медициналық үскенелер алып келинди.

Соның ишинде, санлы рентгенограф, жүрегиниң суткалық мониторинги аппараты (Холтер), велоэргометр, ультрасес аппараты, заманагөй стоматология ҳәм физиотерапия үскенелери тапсырылды.

Жаңа үскенелер әскерий хызметкерлер, курсантлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, кеселликлерге ерте диагноз қойыў ҳәм нәтийжели емлеў имканиятын кеңейтеди. Қәнигелестирилген реанимобильдиң пайдаланыўға тапсырылыўы да қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң оперативлигин арттырыўға хызмет етеди.

Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасында әскерий билимлендириў ҳәм медицина тараўындағы шериклик избе-из раўажланбақта. Бурын Ҳиндстан тәрепиниң жәрдеминде университетте мәлимлеме технологиялары ҳәм киберқәўипсизлик бойынша лаборатория комплекси шөлкемлестирилген еди. Буннан тысқары, ҳиндстанлы қәнигелер оқыў процесинде, курсантларды таярлаўда ҳәм офицерлердиң маманлығын арттырыўда белсене қатнаспақта.

Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың барлық басқышларында еки мәмлекеттиң елшиханалары зәрүр ҳәкимшилик ҳәм логистика жәрдемин көрсетип келди.

Мәресимде Ҳиндстан ҳүкиметине әскерий-медициналық бирге ислесиўди раўажландырыўға қосып атырған үлкен үлеси ушын миннетдаршылық билдирилди. Еки мәмлекет арасындағы қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге үлес қосқан ҳиндстанлы қәнигелер Қорғаныў министрлигиниң "Жаўынгерлик дослықты беккемлеўдеги хызметлери ушын" көкирек белгиси ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж соңында қатнасыўшылар жаңаланған поликлиника, заманагөй әсбап-үскенелер, медициналық жәрдем көрсетиў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Медицина мәкемесиниң модернизацияланыўы Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан бирге ислесиўиниң гезектеги әмелий нәтийжеси, Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы алдында әскерий хызметкерлер, курсантлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға қосылған үлес болды.