"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин кешке шекем ҳәм ертең түстен кейин республиканың арқа-батыс районлары ҳәм ең шетки қубла аймақларынан тысқары айырым жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин.

Келешекте жумыс ҳәптесиниң ақырына шекем Өзбекстан бойынша жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте, тек ғана 26-ноябрь күни Қарақалпақстанда, 26-ноябрь күни кеште ҳәм 27-ноябрьге өтер түнде Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларының айырым аймақларында жаўын жаўады.

Ҳаўаның температурасы турақлы болмайды, күндизги температура 22-27 дәреже ыссыдан 10-15 дәреже жыллыға шекем өзгериўи күтиледи. Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 дәреже жыллы.

Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12м/с, айырым жерлерде шаң-тозаң менен 13-18м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

23-ноябрьде айырым жерлерде самалдың тезлиги 20-22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Айрым таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар), 24-ноябрь күни күшли болыўы мүмкин.

Ташкентте: бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 24-26° жыллы. 24-ноябрь - ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. Күндизги температураның 15-17° жыллылыққа шекем төменлеўи.

25-27-ноябрь күнлери ҳаўа-райы тийкарынан жаўын-шашынсыз болады, тек ғана 26-ноябрь күни кеште ҳәм 27-ноябрьге өтер түнде жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы күндиз 25-26-ноябрьде 19-24 дәреже жыллы, 27-ноябрьде 10-15 дәреже жыллыға шекем төменлейди.