Аргентина сайланды командасының сәрдары Лионел Месси Жәҳән чемпионатының
топар басқышы екинши турында Австрияға қарсы өткерилген ойынның ең жақсы
футболшысы деп табылды, деп жазады ФИФА.
Ушырасыў Арлингтон қаласындағы (Техас) "Эй-Ти-энд-Ти"
стадионында болып өтти ҳәм әмелдеги жәҳән чемпионларының 2:0 есабындағы жеңиси
менен жуўмақланды. Еки гол да 38 жаслы аргентиналылардың сәрдары есабында.
9-минутта Месси пенальтиден пайдалана алмады. Бирақ, биринши бөлимде-ақ
ол өзин дурыслап алды: 38-минутта ҳүжимши жәҳән чемпионатларындағы 17-голын
урып, турнир тарийхында ең жақсы топурарлар дизиминде германиялы Мирослав
Клозени (16 гол) артта қалдырып, жекке жетекшиге айланды. Екинши таймға қосымша
ўақытларда Месси дубльге ерисип, рекордты 18 ге жеткерди.
Сондай-ақ, Месси
жәҳән чемпионатларында жеңиске ерискен ойынлар саны бойынша рекордты (18)
жаңалап, Клозениң рекордын артта қалдырды.
Биринши мәрте
2002-жылы тапсырылған "Ойынның ең жақсы футболшысы" сыйлығы
аргентиналы футболшыға 13-мәрте (тарийхтағы ең жақсы көрсеткиш) ҳәм екинши
мәрте ЖЧ-2026да несип етти.
Буннан тысқары,
Бразилияда өткерилген ЖЧ-2014-теги төрт сыйлықты Месси Нидерландия сайланды
командасының бурынғы ярым қорғаўшысы, Қубла Африкада өткерилген ЖЧ-2010
ойынының төрт мәрте ең жақсы ойыншысы деп тән алынған Уэсли Снейдер менен
теңлестирген рекорд есапланады.
Бул жеңис
нәтийжесинде Аргентина сайланды командасы алты упай топлап, Жәҳән чемпионатының
плей-офф басқышына жолламаны мүддетинен алдын кепилледи. 28-июнь күни топар
басқышының соңғы турында аргентиналылар Иордания сайланды командасы менен
ойнайды, деп хабар береди rbc.ru.