Атап өтилгениндей, усы жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетимиз экономикасының кеминде 8 процентке өсиўи күтилмекте. Жалпы ишки өним көлеми 200 миллиард доллардан, халықтың жан басына дәрамат 5,2 мың доллардан артады.

Ерисилген нәтийжелер экономикалық раўажланыўдың жаңа басқышына өтиў ушын беккем тийкар жаратпақта. Атап айтқанда, 2030-жылға барып жалпы ишки өним көлемин 300 миллиард долларға, келеси он жылда халықтың жан басына дәраматты 10 мың долларға жеткериў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз Конституциясында Өзбекстан социаллық мәмлекет екенлиги, инсан, оның өмири, абырайы ҳәм қәдири ең жоқары қәдирият сыпатында тән алынатуғыны белгилеп қойылған. "Инсан қәдири ушын" деген ийгиликли принцип Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған барлық жаңаланыўлардың бас бағдарына айланды. Себеби, экономикалық раўажланыўдың тийкарғы мәниси, бәринен бурын, оның нәтийжелерин ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ турмысында сезиниў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, сапалы билимлендириў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўдан ибарат.

Келеси жылы да сақлап қалынатуғын Мәмлекетлик бюджеттиң социаллық бағдарламасы мине усы тийкарғы мақсетлерге ерисиўге хызмет етеди.

Атап айтқанда, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы реформаларды қаржыландырыў ушын жәми 176 триллион сумға шамалас қаржы қаратылыўы режелестирилген. Билимлендириўге 114,3 триллион сум (өткен жылға салыстырғанда 14 триллион сумға көп), денсаўлықты сақлаўға 61,4 триллион сум (12 триллион сумға көп) қаратыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, аймақлар ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыў, инсан капиталын раўажландырыў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиўге 70 триллион сум қаратыў нәзерде тутылмақта.

Социаллық миннетлемелерди турақлы қаржыландырыў ушын бар резервлер ҳәм жаңа технологиялық факторларды иске қосыў есабынан экономиканы жылына кеминде 7 процентке өсириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарда келеси жылдан баслап экономикалық өсиўдиң жаңа моделине өтиў, ҳәр бир тармақта жоқары қосымша қун жаратыў, мийнет өнимдарлығын арттырыў, экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын көбейтиў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленди.

Мәжилисте узақ мүддетли перспективада экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин тәмийинлеў бойынша жаңа көзқараслар көрип шығылды. Халықаралық тәжирийбе көрсеткениндей, турақлы раўажланыўдың тийкарғы факторлары бәсекиге шыдамлы экспортқа бағдарланған өндирис, технологиялар трансфери, инвестициялардың нәтийжелилиги, макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық сиясаттың өзгериўшең шараятларға бейимлесиў қәбилети болып есапланады.

Соннан келип шығып, экономикалық өсиўдиң жаңа моделиниң тийкарын заманагөй санаат сиясаты қурыўы керек. Ол жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға өтиў, алдыңғы технологияларды тартыў, жергиликли кәрханалардың халықаралық өндирис шынжырларына интеграциясын кеңейтиў ҳәм экспортты диверсификациялаўға қаратылған.

Атап айтқанда, химия ҳәм нефть-химия санааты, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық ҳәм фармацевтика тармақлары және басқа да перспективалы бағдарларды жедел раўажландырыў бойынша жаңа стратегия ислеп шығылмақта.

Жаңа санаат сиясаты шеңберинде ҳәр бир тийкарғы тармаққа ири халықаралық компаниялар ҳәм белгили брендлердиң инвесторларын тартыў, заманагөй санаат зоналарын шөлкемлестириў, өндиристи локализациялаўды тереңлестириў ҳәм кәрханалардың технологиялық потенциалын арттырыў режелестирилген. 2027-жылы ҳәр бир перспективалы тармаққа кеминде 2-3 ири инвесторларды тартыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, жаңа бағдарлар, соның ишинде, ярымөткизгишли технологиялар, робототехника, биотехнология, электромобиллер ушын жоқары технологиялық комплектлеўши бөлеклер ҳәм аккумуляторлар ислеп шығарыўды өзлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Бул мақсетлерге ерисиў ушын халықаралық брендлерди тартыўды хошаметлеў, илимий изертлеўлер ҳәм қолланбаларды қоллап-қуўатлаў, бәсекиге шыдамлы жергиликли ислеп шығарыўшыларды раўажландырыўдың жаңа механизмлери нәзерде тутылмақта.

Экономикалық өсиўдиң турақлы пәтлерин сақлап қалыўда структуралық реформаларды избе-из даўам еттириў де үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклерди трансформациялаў, меншиклестириўди жеделлестириў, энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын жетилистириў, инсан капиталын раўажландырыў, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесин жуўмақлаў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында көрсетип өтилди.

Онда мәмлекетлик инвестицияларды жеке меншик капитал ушын қолайлы шараятлар жаратыўға бағдарлаў, экономикалық өсиўди қаржыландырыўдың заманагөй механизмлерин қәлиплестириў ҳәм инвестициялардың экономикалық нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылады.

Мәжилисте 2027-жылға мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық прогнозлар көрип шығылды.

Есап-санақларға бола, 2027-жылы жалпы ишки өним көлеми 232 миллиард доллар болыўы прогноз етилмекте.

Сондай-ақ, инфляцияны 2027-жылы 6 процентке, 2028-2029-жылларда 5 процентке шекем азайтыў, 2027-жылы экспортты алтынсыз дерлик 40 миллиард долларға жеткериў нәзерде тутылмақта.

Презентацияда атап өтилгениндей, 2027-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 416 триллион сум, қәрежетлери болса 464 триллион сум етип белгиленеди. Бюджет жойбары 7 процентлик экономикалық өсиў прогнозынан келип шығып қәлиплестириледи.

Глобаллық геосиясий ҳәм экономикалық анықсызлық шараятында макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, келеси жылда инфляцияны 6 проценттен арттырмаў ҳәм улыўма фискал жетиспеўшиликти жалпы ишки өнимниң 3 проценти дәрежесинде сақлап қалыў ең әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

2027-жылы да тийкарғы салық ставкаларын өзгериссиз қалдырыў нәзерде тутылмақта. Бундай шараятта экономикалық жеделликти хошаметлеў, салық базасын кеңейтиў, жасырын экономиканың үлесин азайтыў, салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бюджет дәраматларын арттырыўдың тийкарғы дәреклери болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарда санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў, исбилерменлерге қолайлы ҳәм ашық-айдын шараят жаратыў арқалы салық ҳәм бажыхана түсимлерин және де арттырыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Президентимиз бюджет қаржыларының ҳәр бир сумы анық нәтийже бериўи керек екенлигин атап өтти. Бул бағдарда қаржыларды мақсетли жумсаў, нәтийжесиз қәрежетлерди қысқартыў, мәмлекетлик инвестициялар ҳәм субсидиялардың нәтийжелилигин арттырыў, бюджет тәртибин беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Соның ишинде, инвестициялық бағдарлама шеңберинде қурылыс жойбарларын әмелге асырыўда бюджет қаржыларының жумсалыўын толық қадағалаў имканиятын беретуғын санлы қадағалаў системасын тәжирийбе тәризинде енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте экономикалық өсиўди қаржыландырыўдың жаңа механизмлери де додаланды. Банк системасында жеке меншик капиталдың қатнасын кеңейтиў, кредит ресурсларының көлемин арттырыў, инвестициялық жойбарларды қаржыландырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик имканиятларынан пайдаланыў, халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиўди жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жуўапкерлерге тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде 2027-жылы 65 миллиард доллар сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша анық режелер ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте билдирилген пикир-усыныслар тийкарында 2027-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбарының тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Нызамшылыққа муўапық бул жойбар ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў илажлары жергиликли Кеңеслерде додаланып, жойбарды Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизиў белгиленген.