Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 15-августтағы 447-санлы қарарына муўапық, магистратураға базалық төлемли-контракт тийкарында усыныс етилген ҳәм оқып атырған ҳаял-қызлардың контракт төлемлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
2026/2027-оқыў жылы ушын студентлер тәрепинен арза бериў мүддети 2026-жыл
10-октябрьге шекем создырылды.
Магистратурада оқып атырған ҳаял-қызлар контракт төлемин Мәмлекетлик
бюджеттен қаплап бериў ушын арзаны “kontrakt.edu.uz” платформасы
арқалы жибериўи мүмкин.