Усы көзқарастан, Кегейли районында Қытай тәжирийбеси тийкарында Синьцзян усылында пахта жетистириў бойынша әмелге асырылған тәжирийбе айрықша итибарға ылайық. Бул тәжирийбе суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, агротехникалық илажларды оптималластырыў ҳәм пахта өнимдарлығын көбейтиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

50 гектар майданда жаңа агротехнология сынақтан өткерилди

Усы жылы Кегейли районы "Ийшанқала" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қытайлы исбилерменлердиң қатнасыўында 50 гектар майданда Қытай технологиясы тийкарында, Синьцзян усылында пахта жетистирилди. Май айында шигитлер тамшылатып суўғарыў системасынан пайдаланып, плёнка астына егилди. Ҳәзирги ўақытта бул майданда пахта жыйын-терими даўам етпекте.

Дәслепки нәтийжелерге бола, бул майданда ҳәр гектардан орташа 72 центнер, яғный 7,2 тоннадан зүрәәт алынып атыр. Бул көрсеткиш заманагөй технологияларды жергиликли топырақ-ықлым шараятына бейимлестириў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў перспективаларын үйрениў ушын әҳмийетли тәжирийбе есапланады.

Синьцзян усылының тийкарғы тәреплеринен бири — егиўден баслап суўғарыў, азықландырыў ҳәм басқа да агротехникалық процесслерди өз-ара үйлестириў арқалы ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў болып табылады. Бунда тамшылатып суўғарыў суўды тиккелей өсимликтиң тамыр зонасына жеткериў имканиятын береди. Плёнка астында егиў болса топырақ ығаллығын сақлаў, жабайы шөплердиң раўажланыўын шеклеў ҳәм егинлерди тәрбиялаўға кететуғын айырым қәрежетлерди азайтыўға хызмет етиўи мүмкин.

Суўды үнемлеў ҳәм өндирис қәрежетлерин қысқартыў

Қарақалпақстан шараятында пахта жетистириў процесинде суў ресурслары менен бир қатарда мийнет, минерал төгинлер, жанылғы-майлаў материаллары ҳәм техника қәрежетлеринен нәтийжели пайдаланыў да әҳмийетли есапланады.

Дәстүрий усылда пахта жетистириўде жердиң шорын жуўыў, қатар араларын қайта ислеў, жабайы шөплерди жоқ етиў ҳәм басқа да агротехникалық илажлар ушын үлкен муғдардағы суў, мийнет ҳәм материаллық ресурслар талап етиледи. Синьцзян усылында болса қолланылып атырған технологиялық шешимлер бул қәрежетлердиң бир бөлегин азайтыў имканиятын береди.

Атап айтқанда, тәжирийбе майданында гүзги-қысқы айларда топырақтың шорын жуўыў ушын суў жумсалмағаны атап өтилмекте. Минерал төгинлерди суўғарыў суўы менен бирге өсимликтиң тамыр зонасына жеткерип бериў болса, азықландырыў процесин нәтийжели шөлкемлестириўге жәрдем береди. Сондай-ақ, плёнка менен қапланған қатарларда жабайы шөплердиң азайыўы ҳәм қатар араларын механизация қураллары жәрдеминде қайта ислеўге болған талаптың қысқарыўы мийнет ҳәм техника қәрежетлерин үнемлеў имканиятын жаратады.

Бул қатнастың экономикалық нәтийжелилигин толық баҳалаў ушын жумсалған суў муғдары, минерал төгинлер ҳәм жанылғы қәрежетлери, өнимдарлық ҳәм бир тонна пахтаның өзине түсер баҳасын дәстүрий усылдағы көрсеткишлер менен салыстырмалы таллаў зәрүр. Сонда ғана технологияның экономикалық абзаллықлары анық санлар менен тийкарланады.

Қарақалпақстанда сырт ел тәжирийбеси ҳәм жаңа сортлардан пайдаланыў кеңеймекте

Усы жылы Қарақалпақстан Республикасы бойынша фермер хожалықлары тәрепинен жәми 80 мың гектар майданда пахта жетистириў шөлкемлестирилген. Соннан 50 832 гектар майданда 76x10 егиў схемасы қолланылған. Сондай-ақ, 21 400 гектар майданда Синьцзян усылында пахта жетистириў жолға қойылған, 38 355 гектар майданда болса сырт ел селекциясына тийисли сортлар егилген.

Бул көрсеткишлер аймақта пахташылықты раўажландырыў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм өндириске заманагөй технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылып атырғанын көрсетеди.

Бунда жаңа технологияларды тек ғана өнимдарлық пенен баҳалаў жетерли емес. Олардың суў сарпланыўы, топырақ өнимдарлығына тәсири, өсимликлерди азықландырыў нәтийжелилиги, техникалық хызмет көрсетиў қәрежетлери ҳәм улыўма экономикалық нәтийжелерин де есапқа алыў зәрүр. Әсиресе, шорланыў дәрежеси ҳәр қыйлы болған майданларда технологияның нәтийжелери өз алдына үйренилиўи керек.

Келеси жыл ушын жаңа режелер

Кегейли районында әмелге асырылған тәжирийбе келеси жылы Синьцзян усылында пахта жетистириў майданларын кеңейтиў мәселесин күн тәртибине алып шықты. Дәслепки режелерге бола, қытайлы инвесторлардың қатнасыўында районда 3 мың гектар майданда усы технология тийкарында пахта егиў нәзерде тутылмақта.

Бул режеде шор жуўыў илажларысыз пахта жетистириў имканиятларын үйрениў де нәзерде тутылған. Бирақ бундай қатнасты әмелиятқа кеңнен енгизиўде ҳәр бир майданның топырақтың шорланыўы, жер асты суўларының қәдди ҳәм минерал қурамы, суўдың сапасы және дренаж жағдайын есапқа алыў зәрүр. Шорланыў қәўпи жоқары болған жерлерде шор жуўыўдан пүткиллей ўаз кешиў топырақтың жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Сол себепли бул технологияны кеңейтиў илимий усыныслар ҳәм топырақ таллаўлары тийкарында әмелге асырылыўы керек. 3 мың гектар майданда режелестирилип атырған жумыслар табыслы шөлкемлестирилсе, суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, өндирис қәрежетлерин оптималластырыў ҳәм пахташылықта заманагөй агротехникалық шешимлерди кеңирек қолланыў ушын жаңа имканиятлар пайда болады.

Илимий қатнас ҳәм экономикалық нәтийжелилик — тийкарғы норма

Бүгинги күнде аўыл хожалығында бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеў тек ғана жоқары зүрәәт алыў емес, ал ҳәр бир гектар жер, ҳәр бир куб метр суў ҳәм жумсалған ҳәр бир қаржыдан ақылға уғрас пайдаланыўды талап етеди.

Кегейли районында Синьцзян усылында пахта жетистириў бойынша алып барылып атырған тәжирийбе мине усы мақсетлерге хызмет етеди. Оның нәтийжелерин системалы үйрениў, жергиликли топырақ-ықлым шараятына сәйкес тәреплерин анықлаў ҳәм экономикалық нәтийжелилигин есап-санақлар менен тийкарлаў келешектеги жумыслардың тийкарғы бағдарларынан болыўы керек.

Илимий тийкарланған қатнас, алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй агротехнологияларды өз-ара үйлестириў арқалы Қарақалпақстан Республикасында пахташылық нәтийжелилигин арттырыў, суў ресурсларын үнемлеў ҳәм фермер хожалықларының экономикалық турақлылығын беккемлеў ушын кең имканиятлар жаратылатуғынына исенемиз.

Махмуд МУХАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары