Жаңа Өзбекстан мектебин питкерген оқыўшы тек ғана билимге емес, ал заманагөй көнликпелерге ийе болыўы, мәлимлеме технологияларын исенимли ийелеўи, дөретиўшилик ҳәм еркин пикирлеўи, қарар қабыл ете алыўы зәрүр. Сабақлықлар ҳәм билимлендириўдиң мазмунын жаңалаў жумыслары мине усы мақсетлерге қаратылған.

Презентацияда бурынғы сабақлықларды таллаў нәтийжелери көрип шығылды. Атап айтқанда, 260 сабақлықта 1 мың 257, 51 сабақлықта болса 464 аўдарма қәтеси анықланған. Айырым материаллар оқыўшылардың жасына сәйкес келмейди, темалар қабыл етиў қыйын түрде баян етиледи. Еслеп қалыўға итибар бериў балаларда өз бетинше талқылаў көнликпелериниң толық раўажланыўына ҳәм алынған билимлерди әмелиятта қолланыўына жәрдем бермеди.

Соның ушын жаңа оқыў материалларын жаратыўда алдынғы халықаралық тәжирийбелерге сүйенилди. Баслаўыш класс сабақлықлары Финляндия билимлендириў альянсы тәрепинен сертификатланған, 5-7-класслар ушын математика, физика, химия ҳәм биология сабақлықлары Сингапур сабақлықлары тийкарында ислеп шығылған.

Жаңа көзқараста оқыўшы ҳәр бир класс жуўмағында қандай билим ҳәм көнликпелерди ийелеўи керек екенлиги анық көрсетип өтилди. Мәмлекетлик билимлендириў стандарты, оқыў бағдарламасы, сабақлықлар ҳәм билимди баҳалаў өз-ара байланыслы ҳалда қәлиплеседи. Бунда темалардың оқыўшылардың жасына сәйкеслиги, баянлаў избе-излиги, алынған билимлерди әмелиятта қолланыў имканиятларына айрықша итибар қаратылады. 2027-жылға шекем жәми 1 мың 342 атамадағы сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қуралларды таярлаў режелестирилген.

Сабақлықларда сын көзқарастан пикирлеў, коммуникация, бирге ислесиў ҳәм дөретиўшилик көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған тапсырмалар пайда болмақта. Баланы таяр жуўапларды ядлап қалыўға емес, ал сораўлар бериўге, мағлыўматларды таллаўға, өз пикирин дәлиллеўге ҳәм биргеликте шешим излеўге үйретиў нәзерде тутылған.

Оқыў материалларында кәсипке бағдарлаўға айрықша орын ажыратылған. Бул бағдарда 255 сабақ ислеп шығылып, балалардың өз қызығыўшылығын және де терең түсинип алыўы, келешекте кәсипти саналы түрде таңлаўына жәрдем бериў мақсет етилген. Сабақлық қаҳарманлары балаларға түсиникли образлар арқалы дослық, жуўапкершилик, мәртлик, ҳүрмет сыяқлы қәдириятларды ашып береди.

Экологиялық саўатлылыққа бағышланған 300 ден аслам тема суўды үнемлеў, тәбиятты сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған. Финанслық саўатлылық шеңберинде балалар пул менен ислесиў көнликпелерин ийелейди, үнемлеў ҳәм жыйнаў, сатып алыўды режелестириўди үйренеди. Санлы саўатлылық Интернеттен пайдалы ҳәм қәўипсиз пайдаланыў мәселелерин қамтып алады.

Презентацияда жаңа сабақлықлардың нәтийжелилиги муғаллимниң олар менен ислеўге таярлығына тиккелей байланыслы екенине айрықша итибар қаратылды. Соның ушын өзгерислер мектепке шекемги билимлендириў ҳәм педагогларды таярлаўдан баслап, олардың маманлығын арттырыў ҳәм оқыўшылардың билимин баҳалаўға шекем болған барлық билимлендириў процесин қамтып алады.

Атап айтқанда, "Биринши қәдем" бағдарламасы тийкарында баслаўыш классларға шекем балалардың сөйлеў, пикирлеў, коммуникативлик ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў жолға қойылды. Педагогика жоқары оқыў орынларында жаңа әўлад муғаллимлерин таярлаў басланды. Педагоглар ушын сын көзқарастан пикирлеў ҳәм дөретиўшилик қатнасты раўажландырыў, коммуникация ҳәм жәмәәтте ислеў көнликпелерин раўажландырыўға тийкарланған сабақларды шөлкемлестириў бойынша арнаўлы оқыў модульлери ислеп шығылған.

Жаңа сабақлықлар ҳәм қәнигелик арттырыў бағдарламаларының мазмунына сәйкеслендирилген. Бул жумыслар шеңберинде 110 мың баслаўыш класс муғаллими қәнигелигин арттырды. Сингапурлы бирге ислесиўшилер менен биргеликте 121 устаз-тренер ҳәм 739 устаз-тәрбияшылар таярланып, олар өз гезегинде 90 мың педагогты оқытқан.

Оқыў процесинде оқыўшылардың темаға қызығыўшылығын арттырыў, мағлыўматларды өз бетинше излеў ҳәм үйрениўге шақырыў, материалды түсиндириў, алынған билимлерди қолланыў ҳәм баҳалаўга багдарланган методлардан пайдаланыўды кеңейтиў режелестирилген. Видеосабақлар, анимациялар, аудиоматериаллар ҳәм интерактив тапсырмалар да муғаллим ушын қосымша имканиятлар жаратады.

Педагоглардың кәсиплик раўажланыўын баҳалаў ҳәм хошаметлеў механизмлери де жетилистирилди. Кәсиплик сертификатлаўда оқытыўшының пән бойынша билими менен бир қатарда педагогикалық таярлығы да баҳаланады.

Сондай-ақ, 5 мың мектепте билимлендириўдиң жаңа мазмунына сәйкес ҳәм анық өлшемлер тийкарында баҳалаў системасы енгизилди. Ол оқыўшының тек мағлыўматты ядлаў қәбилетин емес, ал оны қай дәрежеде түсинип, әмелиятта қоллай алыўын да баҳалаўға қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы сабақлықларды ислеп шығыўдың өзи жетерли емеслигин, оқыў процесине жаңа мазмун енгизиў ушын педагогларды таярлаў, оқытыў методикасы ҳәм баҳалаў системасын комплексли жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Экономика тармақларына жумыс процесин жақсы билетуғын, заманагөй көнликпелерге ийе болған қәнигелер зәрүр. Буның ушын жоқары оқыў орынларында студентлердиң теориялық таярлығы ҳәм кәрханаларда әмелий билим алыўын интеграциялаў бойынша усыныслар ислеп шығылған.

Буннан үш ай бурын дуал билимлендириў тәжирийбесин үйрениў ушын 10 ректор Германияға жиберилген еди. Бул мәмлекетте питкериўшилердиң 70-75 проценти диплом алғаннан соң өзи әмелият өтеген кәрханаларда жумысын даўам еттиреди. Презентацияда Германия тәжирийбесин Өзбекстан шараятына бейимлестириў, кадрлар таярлаўда кәрханалардың қатнасын күшейтиў мәселелери көрип шығылды.

Бундай тәжирийбе елимизде де қәлиплеспекте. Атап айтқанда, Әндижан ўәлаятында 11 мың студент дуал тәлим шеңберинде 2 мың кәрханада әмелият өтейди. Мәмлекетимиз басшысы барлық ректорларды Әндижан ўәлаятына жиберип, бул тәжирийбени тиккелей орнында үйрениў бойынша тапсырма берди. Германияға барған ректорлар ўәлаят ҳәкимлерине бириктирилип, дуал билимлендириўди шөлкемлестириў бойынша анық стратегия ҳәм илимий тийкарланған усыныслар таярланады.

Үшинши ҳәм төртинши курс студентлериниң кеминде 80 процентин, яғный 185 мың жасты дуал билимлендириў менен қамтып алыў мақсет етилген. Дәслеп, инженерлик, өндирис, қурылыс, аўыл хожалығы сыяқлы бағдарларға тийкарғы әҳмийет қаратыў усыныс етилмекте. 2027-2028-оқыў жылында 75 жоқары оқыў орны ҳәм 3,5 мың кәрхананы усы тәлим формасына тартыў, 12,5 мың студенттиң оқыўы ҳәм әмелиятын биргеликте алып барыўды шөлкемлестириў режелестирилген.

Жаңа модель шеңберинде жоқары оқыў орны, кәрхана ҳәм студент арасындағы өз-ара бирге ислесиў шәртнама тийкарында болады. Оқыў бағдарламасы кәрхана талабына бейимлестириледи, студентке жумыс орнында маман устаз бириктириледи. Әмелият оқыў менен бир ўақытта ямаса тараўдың өзине тәнлигин есапқа алған ҳалда айрықша дәўирде шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Презентацияда студентлерди әмелиятқа қабыл етип, оқыўы ушын шараят жаратқан ҳәм кейин ала жумыс пенен тәмийинлеген кәрханаларды хошаметлеў илажлары да көрсетип өтилди.

Соның ишинде, студентке төленген мийнет ҳақының 50 процентин субсидия түринде қаплап бериў, бажыхана төлемлери ҳәм амортизация бойынша жеңилликлер бериў, 25 тен аслам студентти әмелиятқа қабыл еткен кәрханаларға мәмлекетлик сатып алыўларда жеңилликлер қолланыў усыныс етилмекте. Бундай жәрдемди инсан факторын азайтыў арқалы санлы платформа арқалы көрсетиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дуал билимлендириўди ең нәтийжели шөлкемлестирген кәрханалар ҳәм жоқары оқыў орынларын хошаметлеў бойынша таңлаў өткериў усынысы да көрип шығылды. Тийкарғы көрсеткишлер сыпатында студентлердиң қамтып алыныўы, мийнет ҳақы муғдары, питкериўшилердиң өзлестириў дәрежеси ҳәм бәнтлиги баҳаланады.

Презентацияда Қытайдың Ляонин педагогикалық университетиниң Өзбекстандағы филиалын шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Бул баслама қытай тилин билетуғын қәнигелерди таярлаў, жоқары оқыў орынлары, техникум ҳәм мектеплерде оны оқытыўды кеңейтиўге қаратылған. Ляонин педагогика университети Қытайдың жетекши педагогикалық жоқары оқыў орынларының қатарына киреди, әсиресе, психология, қытай тили филологиясы, билимлендириў сыяқлы бағдарлар бойынша күшли компетенцияларға ийе.

Хийўа қаласында жайласқан филиалда қытай тилин халықаралық оқытыў, халықаралық бизнес, туризм басқарыўы ҳәм жасалма интеллект бойынша билимлендириў бағдарламаларын ашыў режелестирилген. Оқыў өзбек, қытай ҳәм инглис тиллеринде алып барылады, питкериўшилерге Өзбекстан ҳәм Қытайда тән алынатуғын дипломлар бериледи. Оқыў процесиниң басланыўы 2026/2027-оқыў жылына мөлшерленген.

Филиалдың жергиликли жоқары оқыў орынлары менен академиялық бирге ислесиўин раўажландырыў, студент ҳәм оқытыўшылар алмасыўын шөлкемлестириў, биргеликте илимий-изертлеўлер алып барыў мәселелери көрип шығылды. Буннан тысқары, Қытай тәжирийбеси тийкарында техникумлардың бағдарламаларын жетилистириў, информатика пәни муғаллимлери ушын жасалма интеллект бойынша қәнигелик арттырыў курсларын шөлкемлестириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы дуал билимлендириўди аймақлардағы кәрханалардың кадрларға болған анық талабы менен байланыстырыў, Ляонин университети филиалында жоқары билимлендириўди тәмийинлеў, студентлерди қабыллаўды пуқта шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.