Мәмлекетимиз басшысы илажда шығып сөйлеп, Ўатанласларымыз әзелден Наўрыз байрамы күнлеринде, шаңарақты толықтырыўда жақсы дәстүрлерге әмел етип, қыйтақ жерлер, бағ ҳәм қыябанлар, жоллардың бойына нәл егип, гүллер ҳәм хош ийисли өсимликлер менен безеткенин атап өтти.

Мине, усы ийгиликли қәдириятлар тийкарында кейинги бес жыл даўамында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары әмелге асырылып, жылына 200 миллион түп нәл егилмекте.

Өткен дәўирде 2 мың гектардан аслам майданда 942 жасыл бағ ҳәм жәмийетлик парк, 47 массивте "Жаңа Өзбекстан" бағлары шөлкемлестирилди. Республикамыздың таўлы, шөл ҳәм шөл аймақларында 256 мың гектар тоғайлар жаратылған. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектар майданда қорғаў тоғайлықлары пайда етилди. Самал ҳәм шаң-қум боранларының зыянлы тәсириниң алдын алыў мақсетинде 33 районда 60 километрлик "жасыл белбеў" шөлкемлестирилди.

Өткен жылы Хожели, Янгибазар, Ғиждувон, Балықшы ҳәм Аҳангаран районларында жылына 5,5 миллион саяманлы терек нәли жетистириў имканиятын беретуғын заманагөй нәлханалар пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, Қытай тәжирийбеси тийкарында шөллениўге қарсы гүресиў мақсетинде быйыл Арнасай, Қаракөл, Мүбәрек, Кармана районлары ҳәм Нөкис қаласында биринши мәрте 50 гектар майданда қурғақшылыққа шыдамлы галофит бағлар шөлкемлестирилди. Атап өтилгениндей, бул жерде жетистирилген галофит туқымлары келешекте мыңлаған гектар жерлерде шорланыўды азайтыў ҳәм өнимдарлықты арттырыўға хызмет етеди.

Улыўма, қысқа дәўирде республикамызда көклемзарластырыў дәрежеси 8 проценттен 14,2 процентке жеткерилди. Өткен ҳәптеде қол қойылған Президенттиң жаңа пәрманында 2030-жылға шекем елимиздеги улыўма көклемзарластырыў дәрежесин 30 процентке, жасыл аймақлардың майданын болса халықтың жан басына 10 квадрат метрге жеткериў бойынша үлкен мақсет қойылған.

Усы мақсетте Сурхандәрья ўәлаятында 10 мың гектар майданда "жасыл аймақ," Сырдәрья ўәлаятында 84 километрлик "жасыл тосық" жаратылады. Қарақалпақстанда 1 миллион гектар, Наўайы ҳәм Бухарада 300 мың гектардан, Хорезмде 85 мың гектар шөл жерлерде жаңа тоғайлар жаратылады. Сондай-ақ, ҳәр бир ўәлаят ҳәкими кеминде 100 гектардан ботаника ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў, кеминде 20 саялы қыябанларды шөлкемлестириўге жуўапкер болады.

Экология ҳәм халықтың саламатлығы мәселелери оғада әҳмийетли болып атырған ҳәзирги шараятта Молекуляр аллергология халықаралық орайының жергиликли шараятқа бейимлескен терек түрлерин таңлаў ҳәм егиў бойынша усыныслары айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Усы жылдан баслап ҳәр бир аймақта "жасыл" техникумлар шөлкемлестирилип, дуал билимлендириў тийкарында жылына 10 мың қәниге таярлаў режелестирилмекте. Ботаника бағлары ҳәм дендрология бағлары бул техникумлардың оқыўшылары ушын әмелият базасы, илимпазлар ушын илимий-изертлеў майданшасына айланады.

Президентимиз орынларда жасыл аймақларды жаратыўда халық ҳәм депутатлардың қатнасын және де кеңейтиўди усыныс етти. Алдын "Мениң бағым" бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир жойбар ушын бюджеттен 250 миллион сумға шекем қаржы ажыратылған болса, енди бул муғдар 400 миллион сумға шекем арттырылады. Ҳәр бир жасыл бағ ҳәм жәмийетлик парк ушын халықтың өзи таңлаған, елатлы пунктлерге жақын, ең әҳмийетлиси, суў менен тәмийинленген аймақлардан 1 гектарға шекем жер ажыратылады. Сондай-ақ, усы мәўсимнен баслап Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ҳәр бир депутатына өз сайлаў округинде жасыл аймақ ҳәм жасыл бағ жаратыў ушын 412 миллион сумнан қаржы ажыратылады.

Мәмлекетимиз басшысы халқымызда "Жақсыдан бағ қалады", "Бир нәлге мың нәтийже", "Перзент туўсаң ямаса той бересең - терек ек" деген ҳикметли сөзлер бийкарға айтылмағанын атап өтти. Бүгин бундай миллий қәдириятлар ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз мәҳәлле баслықлары, нураныйлар, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм барлық белсендилерди орынларда миллий үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларды және де кеңнен үгит-нәсиятлаў, дөгерек ҳәм бирлеспелер шөлкемлестириў, ҳәр бир көше, ҳәр бир шаңарақ, жол бойларына нәл ҳәм гүллер егиў, терек ҳәм пута нәллерин егиўге басшылық етиўге шақырды.

Пайтахтымызда 108 гектар майданда Миллий дендрология бағы шөлкемлестирилмекте. Усы жылдың өзинде бул жерде "илим - жойбар - әмелият" принципи тийкарында қурылып атырған «in vitro» лабораториясы, дәрилик өсимликлер, туқымгершилик ҳәм селекция орайлары пайдаланыўға тапсырылады.

Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Тоғайлар форумы баслығы Исмоил Беленга, форум секретарьиатының директоры Жульет Биаоға, сырт мәмлекетлердиң Өзбекстандағы дипломатиялық корпусының ўәкиллерине ҳәм барлық қатнасыўшыларға шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Илаж соңында Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўшылар менен бирге Миллий дендрология паркиниң дәслепки 5 гектар майданына саяманлы нәллер отырғызды. Усы ўақытта республикамыздың барлық аймақларында 21 мыңға шамалас ўатанласларымыз және 164 гектар жерге 88 мың түп нәл отырғызды.