Ушырасыўда JICA менен көп жыллық бирге ислесиў шеңберинде кадрлар таярлаў, соның ишинде, өзбекстанлы қәнигелерди Японияның жоқары оқыў орынларында JDS мәмлекетлик грантлары тийкарында оқытыў системасы табыслы әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди. Ҳәзирги күнге шекем Японияда жүзлеген жас қәнигелер магистр ҳәм доктор дәрежесин алып, мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине, сондай-ақ, алдынғы инженерлик-технологиялық бағдарларда жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўға қаратылған Advanced STEM Human Resources Development Project ири жойбарының әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратты.

Додалаў шеңберинде жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпалары анықластырылып, оны әмелге асырыў механизмлери көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, алдыңғы тәжирийбе алмасыўды тереңлестириў, жаңа қоспа билимлендириў ҳәм илимий жойбарларды баслаўға таяр екенин билдирди.