Мәжилисте соңғы жыллары Наманганда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм исбилерменлик тараўларында сезилерли өсиў бақланып атырғаны, ўәлаят көплеген бағдарларда басқа аймақларға үлги болып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, сегиз жылда 40 мыңнан аслам жаңа кәрхана иске қосылған, өндирис көлеми 6 есеге көбейип, 40 триллион сумға жеткен.
2025-жылдың жуўмағы бойынша жалпы аймақлық өним 85,4 триллион сумды қурап, 8,2 процентке өсти. Санаат өнимлериниң көлеми 40,1 триллион сумды, хызметлер көлеми 56,3 триллион сумды қурады. Ўәлаятқа 3,3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, экспорт көлеми 916 миллион долларға жеткен.
Мәмлекетимиз басшысы дүнья базарларындағы турақсыз жағдайда экономикалық өсиў пәтлерин сақлап қалыў, Наманганда жаңа "өсиў ноқатлары"н иске қосыў әҳмийетли екенин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен ўәлаят басшылары алдында 2026-жылы экономиканың 9,2 процентке, санааттың 9 процентке, хызмет көрсетиў тараўының 16,3 процентке, аўыл хожалығының 6,8 процентке өсиўин тәмийинлеў, туризм хызметлери экспортын 1,7 есеге арттырыў ўазыйпалары тур. Сырт ел инвестицияларын 5 миллиард долларға, экспортты 1,2 миллиард долларға жеткериў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.
Жылдың ақырына шекем жумыссызлықты 3,5 процентке, кәмбағаллықты 2,5 процентке түсириў, Наманган қаласы, Давлатабад, Янги Наманган, Наманган, Косонсой, Норин ҳәм Уйчи районларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда аймақлардың потенциалын терең таллаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Норин районының имканиятлары талланып, усы жылдың өзинде инвестицияларды еки есеге көбейтиў, санаатты 10,4 процентке, экспортты 35 процентке арттырыў резервлери анықланғаны мысал сыпатында көрсетип өтилди. Бул бағдардағы жумысларды ўәлаяттың барлық районларына енгизиў бойынша тапсырма берилди.
Ҳәзирги шараятта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екени атап өтилди. Транспорт-логистика шынжырлары, жанылғы ҳәм минерал төгин жеткерип бериўдеги үзилислер шараятында аўыл хожалығы нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў талап етиледи. Сол себепли өнимдарлығы аз нәллер егилген 2,5 мың гектарда заманагөй интенсив бағлар жаратыў, 8 мың гектар жаңа жерлерди өзлестириў ўазыйпасы қойылды. Бул илажлардың әмелге асырылыўы қосымша дәрамат дәреклерин ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.
Мәжилисте ири инвестициялық жойбарларға айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, "Наманган" еркин экономикалық зонасының "Сабзазар" массивинде улыўма баҳасы 547 миллион долларлық 15 жойбарды толық әмелге асырыў ушын қосымша электр подстанциясын қурыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги күнге шекем бул жерде 215 миллион долларлық 7 жойбар иске қосылған.
Сондай-ақ, баҳасы 20 миллион доллар болған заманагөй IТ-парк имаратын қурыў усынысы билдирилди. Бул жойбар халықаралық IТ-компанияларды тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, аймақта санлы трансформация, жасалма интеллект, электрон коммерция ҳәм стартап экосистемасын жедел раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Давлатабад районын "ақыллы қала"ға айландырыў, Наманган мәмлекетлик техника университетиниң бос турған объектлери негизинде жасалма интеллект бойынша илимий лаборатория ҳәм стартаплар клубын шөлкемлестириў бойынша да басламалар додаланды. "Ақыллы қала Наманган" бирден-бир санлы платформасы арқалы коммуналлық хызметлер, шығындыларды басқарыў, экологиялық мониторинг ҳәм транспорт инфраструктурасын басқышпа-басқыш интеграциялаў режелестирилип атырғаны мәлим етилди.
Санаат ҳәм исбилерменлик тараўындағы бир қатар жаңа басламалар көрип шығылды. Соның ишинде, Чуст районында 60 мегаваттлы "жасыл" энергия ислеп шығарыў жойбары ушын 24 гектар жер ажыратыў усынысы билдирилди. Чартақ районында алкоголсыз салқын ишимликлер, шербетлер ҳәм балалар аўқатын ислеп шығарыў кәрханасының жойбары таныстырылды.
Аўыл хожалығында да үлкен дәреклер бар екенлиги атап өтилди. 2026-2027-жылларда тийисли басламалар шеңберинде 3 мың 948 гектарда бағ ҳәм жүзим атызларын шөлкемлестириў, 1 миллион 300 мың түп нәл егиў, 1 мың 500 гектарда тамшылатып суўғарыўды енгизиў режелестирилген.
Сондай-ақ, қусшылық тараўында баҳасы 50 миллион доллар болған ири жойбар әмелге асырылып, 813 миллион дана мәйек ҳәм 2 мың тонна гөш жетистириў қуўатлылығы жаратылатуғыны айтылды. Бул ўәлаяттың мәйекке болған талабын толық қаплаў, Орайлық Азия ҳәм Араб мәмлекетлерине 42 миллион долларлық қусшылық өнимлерин экспорт етиў имканиятын береди.
Мәжилисте туризмди экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли тармағына айландырыў мәселеси де дыққат орайында болды.
Ўәлаятты ойпатлық туризм орайына айландырыў мақсетинде Поп районындағы Арашан көллериниң жағасында заманагөй ҳәм инновациялық туризм комплексин, Қамчиқ өткелиниң аймағында «Qamchiq Mountain Resort» халықаралық көп функциялы таў дем алыў зонасын, Чодак аўылының Гүлистан мәҳәллесинде туризм орайын, Косонсой районының Алмазар мәҳәллесинде ири туризм орайын шөлкемлестириў, Янгиқўрғон районының Нанай посёлкасында жасалма көл жаратыў жойбарын әмелге асырыў усыныс етилди.
Буннан тысқары, Наманганның ески қала бөлиминде миллий архитектуралық ҳәм өнерментшилик дәстүрлерин заманагөй сервис пенен бирлестиретуғын туризм комплексин шөлкемлестириў усыныс етилди. "Чорсу" ҳәм "Сардоба" базарлары негизинде заманагөй экобозорлар қурыў, көп қабатлы автомобиль турыў орынларын шөлкемлестириў басламалары алға қойылды. Бул жойбарлар қала экономикасын жанландырыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Инфраструктураны жетилистириў бойынша бир қатар ири жойбарлар көрип шығылды. Атап айтқанда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Наманган қаласында канализация системасын реконструкциялаў, Үшқорған ҳәм Уйчи районларының орайларын биринши мәрте ақаба суў тармақлары менен тәмийинлеў режелестирилген. Усы аймақларда және 10 мың куб метр тазалаў имаратын қурыў, 40 километр жаңа тармақлар тартыў, 28 километр ескирген қубырларды жаңалаў нәзерде тутылған. Улыўма етип айтқанда, 42 мың халық ҳәм 6 мың 983 хожалық модернизацияланады.
Жаңа Наманган қалашасындағы қурылыс жумысларын жеделлестириў мәселесине айрықша тоқтап өтилди. Жойбар шеңберинде 30 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, 25,2 километр жолларды оңлаў, 7,2 километр пиядалар жолы ҳәм 4,7 километр ишимлик суўы тармақларын тартыў, 7,4 километр жасыл аймақлар шөлкемлестириў режелестирилген.
Социаллық тараўда да кең көлемли басламалар алға қойылды. Атап айтқанда, 2026-жылы Наманган қаласында 15 мың орынлық бақшалар шөлкемлестириў, сондай-ақ, 21 билимлендириў мәкемесиниң 42 мың квадрат метр бос жерлеринде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бақшалар қурыў усыныс етилди.
Денсаўлықты сақлаў тараўында Республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия орайының Наманган филиалын шөлкемлестириў, онкология ҳәм радиология орайын заманагөй ПЭТ-томограф пенен үскенелеў, көп тармақлы медицина орайын реконструкциялаў ҳәм жоқары технологиялық операцияларды жолға қойыў сыяқлы басламалар көрип шығылды. Бул тек ғана ўәлаят халқына емес, ал қоңсылас аймақлардан келген наўқасларға да жоқары маманлықтағы медициналық жәрдем көрсетиў имканиятын кеңейтиўи атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында Президентимиз жуўапкерлерге Наманган ўәлаятында бар потенциалды толық иске қосып, ҳәр бир жойбарды анық нәтийжеге айландырыў, халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў, жоқары қосымша қунлы экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.