Заманагөй қаланы қысқа мүддетте қурыў мүмкин. Жаңа заводты да, санлы платформаны да жаратыў мүмкин. Бирақ билимли, жуўапкершиликли, нызамға ҳүрмет пенен қарайтуғын, миллий өзлигин аңлаған, тәбият ҳәм жәмийет тәғдирине байланыслы инсанды бир күнде қәлиплестирип болмайды.
Усы көзқарастан, Президентимиздиң ғәрезсизлигимиздиң отыз бес жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги "Келеси он жыллық - биз ушын миллий раўажланыў дәўири болады", деген концептуаллық пикири айрықша әҳмийетке ийе. Шығып сөйлеген сөзинде бул раўажланыў дәўириниң философиясы халқымыздың ақыл-парасаты, мийнети ҳәм аўызбиршилиги менен байланысып, инсан қәдирин және де жоқарылатыўға қаратылған жети миллий бағдарлама белгиленди.
Бул жети бағдарламаны тек ғана экономикалық ямаса социаллық сиясат бағдарлары сыпатында емес, ал руўхый процесслер көзқарасынан да таллаў мүмкин. Бундай қатнаста олардың артында өз-ара үзликсиз байланысқан жети руўхый таяныш көринеди: билим - ағартыўшылық капитал, саламатлық - инсан қәдири ҳәм өзине жуўапкершилик, технологиялық раўажланыў - инновациялық пикирлеў, экология - экологиялық мәденият, нызам үстинлиги - ҳуқықый руўхыйлық, мәҳәлле - социаллық аўызбиршилик, кеңпейиллик - миллий тилеклеслик.
Инсан капиталы: билим, саламатлық ҳәм жаңа пикирлеў
Миллий раўажланыў орайында инсан турады. Жаңа Өзбекстан реформаларында алға қойылған "Инсан қәдири ушын!" принципин тек ғана социаллық қорғаў ямаса халыққа хызмет көрсетиў менен шеклеп түсиниў жетерли емес. Инсан қәдири шахсқа таяр жеңиллик бериў емес, имканиятын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў болып табылады. Бул инсанды мәмлекетлик сиясаттың пассив объектинен раўажланыўдың актив субъектине айландырыўды талап етеди.
Бунда биринши шешиўши фактор - билим. Президентимиздиң баянатында билим ҳәм маманлықты келешектеги раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў биринши миллий бағдарламаның мазмуны сыпатында белгиленген. Билимлендириўдиң барлық басқышларын сапа жағынан өзгертиў, кәсиплик билимлендириўди күшейтиў ҳәм университетлерди халықаралық бәсеки майданына алып шығыў сыяқлы ўазыйпалар усыған хызмет етеди. "Ағартыўшылық капитал" деген түсиник айрықша әҳмийетке ийе. Ағартыўшылық капитал - тек жоқары мағлыўматлылар саны емес. Ол билим, тәжирийбе, өз бетинше пикирлеў, информацияны анализлеў, жаңалық жаратыў, үйрениўди даўам еттириў ҳәм өз билимлерин жәмийет мәпине бағдарлай алыў қәбилетиниң бирлиги болып табылады. Әпиўайы бир мысал: еки жас бирдей смартфон, бирдей интернет ҳәм бирдей жасалма интеллект платформасынан пайдаланыўы мүмкин. Биринши жас оны тек кеўил ашар контент ушын пайдаланады. Екиншиси шет тилин үйренеди, программаластырыўды өзлестиреди, илимий мағлыўмат излейди, жаңа өним жаратыўға ҳәрекет етеди. Технология екеўинде де бирдей. Парық - пикирлеўде. Демек, санлы имканияттың өзи раўажланыў кепили емес. Оны қандай мақсетте пайдаланатуғын инсан бар екенлиги шешиўши мәселе.
Екинши әҳмийетли мәселе - саламатлық. Инсан қәдири ҳаққында сөз етип, оның саламат жасаў ҳуқықын шетте қалдырып болмайды. Соның ушын профилактикаға тийкарланған саламатлықты сақлаў моделине өтиў ўазыйпасы үлкен руўхый әҳмийетке ийе. Себеби саламатлық - тек ғана шыпакердиң жуўапкершилиги емес. Инсанның өз денесине ҳәм өмирине мүнәсибети де мәденият. Профилактикалық тексериўден өз ўақтында өтиў, зыянлы әдеттен ўаз кешиў, физикалық белсендиликке итибар қаратыў, перзентине саламат турмыс тәризин үлги етип көрсетиў әпиўайы турмыслық әдетлер сыяқлы көринеди. Негизинде болса, булар инсанның өзи, шаңарағы ҳәм жәмийет алдындағы жуўапкершилигин билдиреди. Басқаша айтқанда, инсан қәдири мәмлекеттиң инсанға мүнәсибети менен ғана емес, ал инсанның өзине мүнәсибети менен де өлшенеди.
Үшинши бағдар - жоқары технология ҳәм мийнет өнимдарлығына тийкарланған экономика. Бул жерде тек ғана техникалық модернизация ҳаққында сөз болмай атыр. Технологиялық раўажланыўдан алдын пикирлеў раўажланыўы келеди. Инновацияға ашықлық, жаңалықтан қорықпаў, қәтеден дурыс жуўмақ шығарыў, турақлы үйрениў, дөретиўшилик пикирлеў ҳәм нәтийже ушын жуўапкершилик - булардың барлығы заманагөй мийнет мәдениятының руўхый белгилери болып есапланады. Әсиресе, жасалма интеллект дәўиринде әҳмийетли бир сораў пайда болады. Енди тек "нени жарата аламыз?" емес, ал "нени жаратыўымыз керек ҳәм оны қандай мақсетте пайдаланамыз?" деген сораўды қойыў зәрүр. Жасалма интеллект медициналық диагнозға жәрдем бериўи де, жалған мәлимлемени ғалаба ен жайдырыўы да мүмкин. Алгоритм инсанға билим жеткериўи де, оны жабық информация орталығына қамап қойыўы да мүмкин. Демек, технологиялық қүдирет мораллық жуўапкершилик пенен үнлесиўи шәрт. "Технология" ҳәм "жуўапкершилик" инсан мәпине хызмет ететуғын раўажланыў болыўы лазым.
Усы жерде жасларға мүнәсибет те өзгериўи керек. Жасларды тек ғана ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден қорғалыўы керек болған "тәрбия объекти" сыпатында көриў заманагөй жәмийет ушын жетерли емес. Жаслар идея жарататуғын, стартап ислейтуғын, илим менен шуғылланатуғын, мәҳәлле ҳәм жәмийет машқаласына шешим усынатуғын, мәлимлеме мәканында миллий контент ҳәм интеллектуаллық өним жарататуғын социаллық субъект болыўы керек. Баянатта халықаралық олимпиада ҳәм таңлаўларда жоқары нәтийже көрсетип атырған жасларға келешек дөретиўшилери сыпатында мүнәсибет билдирилиўи де усы көзқарастан әҳмийетли. Демек, жаслар сиясатындағы жаңа ўазыйпа тек ғана "жасларды қалай тәрбиялаймыз?" деген сораўдан ибарат болмайды. Және бир сораў қосылады: "жасларға мәмлекет келешегин жаратыўда қандай реал қатнасыў майданын беремиз?." Тәрбия объектинен раўажланыў субъектине өтиўдиң мәниси де мине усында.
Жуўапкершилик мәденияты: тәбият ҳәм нызамға мүнәсибет
Руўхыйлық көбинесе инсанның басқа инсан менен қатнасы арқалы түсиндириледи. Бирақ инсанның тәбиятқа ҳәм нызамға мүнәсибети де оның руўхый келбетин белгилейди. Усы жағынан төртинши ҳәм бесинши миллий бағдарламалар арасында терең ишки байланыс бар. Бириншиси - тәбият алдындағы, екиншиси - жәмийет ҳәм нызам алдындағы жуўапкершилик.
Глобал климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлер күшейип атырған шараятта экологиялық машқаланы тек ғана инженерлик ҳәм технология менен шешиўге болмайды. Баянатта суў ҳәм тәбиятқа қатнасты түп-тийкарынан өзгертиў ўазыйпасы қойылып, тәбиятқа қатнас халық мәденияты ҳәм раўажланыў сапасы менен байланысқан. Бул жүдә әҳмийетли қатнас. Себеби суўды үнемлейтуғын ең заманагөй технологияны орнатыў мүмкин, бирақ инсанда үнемлеў мәденияты болмаса, күтилген нәтийжеге ерисип болмайды. Көп қабатлы үй жанында терек егиў мүмкин. Бирақ оны сақлаў "бирўдиң ўазыйпасы" деп қаралса, жасыл аймақ узақ жасамайды. Көшеде шығынды қутысын орнатыў мүмкин. Бирақ инсан қағазды жерге таслап, "тазалаўшы тазалайды" деп ойласа, дурыс болмайды, әлбетте. Соның ушын экологиялық сиясат пенен бирге экологиялық руўхыйлық та қәлиплесиўи зәрүр. Экологиялық руўхыйлықтың ең әпиўайы көриниси инсан өзинен кейин де өмир даўам ететуғынын аңлаўы. Суўды үнемлеў тек ғана коммуналлық қәрежетти азайтыў емес. Ол ертеңги әўладтың суўдағы үлесине қол қатырмаў мәденияты болып есапланады. Теректи қәстерлеп сақлаў тек ғана көклемзарластырыў режесин орынлаў емес. Ол еле туўылмаған балалардың таза ҳаўаға болған ҳуқықын тән алыў болып есапланады. Сонда экологиялық жуўапкершилик техникалық мәселеден әдеп-икрамлылық мәселеге айланады. Тап усындай, нызам үстинлиги де тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы менен тәмийинленбейди. Нызам күшли болыўы ушын оны қорғайтуғын мәмлекет институтлары зәрүр. Бирақ нызам үстин болыўы ушын оны ҳүрмет ететуғын пуқара да керек.
Көшеде камера бар болғаны ушын қағыйдаға әмел етиў - қадағалаў нәтийжеси. Камера болмағанда да қағыйданы бузбаў - мәденият. Нәўбетте таныс-билислик арқалы алдынға өтип кетпеў, мәмлекетлик мүлкке "биреўдики" деп қарамаў, салықты миннетлеме емес, жәмийет алдындағы жуўапкершилик деп түсиниў, өз ҳуқықын талап еткенде, басқа инсанның ҳуқықын да тән алыў - ҳуқықый руўхыйлық мине усындай әпиўайы жағдайларда көринеди. Сол себепли нызам үстинлигин улыўма қәдириятқа айландырыў ҳәм ҳуқықый тәрбияны мектептен баслаў ўазыйпасы стратегиялық әҳмийетке ийе.
Балаға нызам статьяларын ядлатыўдың өзи ҳуқықый тәрбия емес. Оған әдиллик не екенин, улыўма қағыйда ҳәммеге бирдей қолланылатуғынын, басқа инсанның ҳуқықы қай жерден басланатуғынын турмыслық жағдайлар арқалы түсиндириў керек. Сонда нызам сыртқы мәжбүрлеўден ишки исенимге айланады. Ҳуқықый мәмлекеттиң ең күшли тийкары да ҳәр бир пуқараның жанында турған қадағалаўшы емес, ал инсанның ишки ҳуқықый өлшеми болып есапланады.
Мәҳәлле ҳәм кеңпейиллик: тилеклесликтиң социаллық капиталы
Миллий раўажланыўдың және еки әҳмийетли таянышы - мәҳәлле ҳәм кеңпейиллик. Бир қарағанда олар ҳәр қыйлы бағдарлар сыяқлы көринеди. Негизинде болса екеўи де жәмийетте исеним ҳәм аўызбиршиликти қәлиплестиреди.
Баянатта мәҳәллени жәмийет раўажланыўының тийкарғы буйыртпашысына айландырыў, аймақлық бағдарлама ҳәм жойбарларды халықтың реал талап ҳәм мүтәжликлеринен келип шығып белгилеў қатнасы алға қойылды. Бул мәҳәллениң мәнисин кеңейтип жибереди.
Мәҳәллениң келешектеги күши тек ғана қаржы ямаса ўәкиллик емес, ал социаллық исеним ислеп шығара алыўы менен де өлшенеди. Исеним бар жерде адамлар бирге ислеседи. Бирге ислесиў бар жерде улыўма машқалаға шешим табыў аңсатласады. Тийислилик пайда болған жерде болса "мәмлекет шешсин" деген пассив позиция әсте-ақырын "биз не ислей аламыз?" деген пуқаралық позицияға айланады.
Кеңпейиллик те усы социаллық исенимниң және де кең көриниси болып табылады.
Өзбекстанда 130 дан аслам миллет ҳәм халық және 16 диний конфессия ўәкиллериниң бир мәмлекетте тыныш ҳәм татыў жасап атырғаны, сөйлеўде миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик мәмлекеттиң бийбаҳа байлығы сыпатында баҳаланыўы бийкарға емес. Бирақ кеңпейилликти "ҳәмме бирдей пикирлейди", деген түсиник пенен алжастырмаў керек. Бирдейлик - аўызбиршилик емес. Аўызбиршилик - айырмашылықларды сақлаған ҳалда улыўма мақсет әтирапында бирлесе алыў қәбилети. Басқа миллет ўәкилиниң өз ана тилинде сөйлесиўи, басқа дин ўәкилиниң өз исенимине әмел етиўи ямаса еки адам белгили бир мәселеде түрлише пикир билдириўи жәмийет ушын қәўип емес. Қәўип парықты душпанлыққа айландырыўдан басланады. Соның ушын заманагөй кеңпейиллик тек ғана "шыдаў" емес, ал сөйлесе алыў, басқа инсанның қәдир-қымбатын тән алыў, ҳәр түрлилик пенен бирге жасаў мәденияты болып есапланады. Бул мәденият қаншелли күшли болса, социаллық исеним де соншелли жоқары болады. Усы мәнисте, кеңпейилликти социаллық турақлылық капиталы, деп атаў мүмкин. Кеңпейиллик исенимди, исеним тилеклесликти, тилеклеслик болса жәмийетлик аўызбиршиликти беккемлейди. Беккем аўызбиршилик болса турақлылық ҳәм раўажланыўдың әҳмийетли руўхый тийкарына айланады. Бүгинги тыныш емес дүньяда бул ресурс айырым материаллық байлықлардан да баҳалы болып есапланады. Себеби экономикалық жоғалтыўды ўақыттың өтиўи менен тиклеў мүмкин. Жәмийетте сынған исенимди тиклеў болса бираз қыйын.
Миллий раўажланыў, бәринен бурын, инсанның ишки раўажланыўынан басланады
Солай етип, келеси он жыллыққа мөлшерленген жети миллий бағдарламаға руўхый процесслер көзқарасынан қарағанда, олар айырым тараўлар жыйындысы емес, ал бирден-бир социаллық-руўхый система екени көринеди.
Билим инсанға имканият береди. Денсаўлық оның мине усы имканияттан пайдаланыўына тийкар жаратады. Инновациялық пикирлеў жаңа нәтийже жаратыўға ийтермелейди. Экологиялық мәденият инсанды келешек әўлад алдында жуўапкер етеди. Ҳуқықый руўхыйлық әдиллик ҳәм тәртипти тәмийинлейди. Мәҳәлле адамларды бир-бирине жақынластырады. Кеңпейиллик болса ҳәр қыйлы инсанларды улыўма ўатан ҳәм улыўма мақсет әтирапында бирлестиреди.
Сол себепли "миллий раўажланыўдың руўхый жетилиги"н бир-биринен ажыратып болмайды. Билимли, бирақ жуўапкершиликсиз инсан раўажланыў ушын қәўип де туўдырыўы мүмкин. Технологиялық жақтан раўажланған, бирақ ҳуқық ҳәм әдеп-икрамлылық қәдирленбейтуғын жәмийет турақлы болмайды. Экономикалық бай, бирақ тәбиятқа тутыныўшылық мүнәсибети күшли мәмлекет өз келешеги есабынан жасайды. Нызамы жетик, бирақ адамлар арасында исеним болмаған орталықта жәмийеттиң ишки энергиясы төменлейди. Сол себепли, жаңа басқыш руўхыйлық ҳаққындағы түсинигимизди де жаңалаўды талап етеди. Руўхыйлықты тек ғана илаж, ушырасыў, баянат, китап ямаса сүрен менен теңлестириў жетерли емес.
Руўхыйлық инсанның жумыс орнына ўақтында келиўинен баслап мәмлекетлик мүлкке мүнәсибетине шекем, перзентине берген тәрбиясынан баслап интернетте тарқатып атырған мәлимлемесине шекем, суўдан пайдаланыўдан баслап жол ҳәрекети қағыйдасына әмел етиўине шекем, өз ҳуқықын талап етиўден баслап басқалардың ҳуқықын ҳүрмет етиўине шекемги күнделикли минез-қулықта көринеди.
Демек, XXI әсир жәмийетинде руўхыйлық абстракт түсиник емес. Руўхыйлық - социаллық қатнасықлар сапасы. Миллий раўажланыўдың ең үлкен өлшеми де усы жерде.
Ғәрезсизликтиң отыз бес жылы халқымыздың өзлигин қайта аңлаў, тарийхый естеликти тиклеў ҳәм миллий мәмлекетшилик тийкарын беккемлеў дәўири болған болса, келеси он жыллық әне усы руўхый потенциалды билим, инновация, әдиллик, экологиялық жуўапкершилик, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик арқалы жаңа раўажланыў күшине айландырыў дәўири болыўы керек.
Бир сөз бенен айтқанда, миллий раўажланыў, бәринен бурын, инсанның ишки раўажланыўынан басланады. Оның ең беккем кепили де әне сонда.
Камолиддин ТУРАЕВ,
философия илимлери бойынша философия докторы, доцент