Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын тереңлестириў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Буннан тысқары, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесинде көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўди нәзерде тутатуғын ҳүжжетлер топламына қол қойылды. Олардың арасында:

- Товар алмасыўды көбейтиў бағдарламасы;

- Санаат кооперациясы бағдарламасы;

- Товарлардың келип шығыўын сертификатлаў электрон системаларын өз-ара қолланыў ҳаққында келисим;

- Денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Шегараалды зоналарда радиочастота өзлестириўлерин муўапықластырыў ҳаққында келисим;

- "Өзбекстан-Тәжикстан инвестициялық компаниясы"н шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында протокол;

- «Е-Permit» мәлимлеме системасынан пайдаланыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Илимлер академиялары арасында илимий бирге ислесиў ҳаққында келисим;

- Санаат ҳәм инновациялар тараўында 2026-2028-жылларға мөлшерленген илажларды әмелге асырыў режеси;

- Таў-кән санааты ҳәм жаңа технологиялар тараўында 2026-2028-жылларға мөлшерленген илажларды әмелге асырыў режеси;

- 2026-2027-жылларға мөлшерленген мәденият тараўында бирге ислесиў бойынша илажлар режеси;

- 2026-2028-жылларда туризм тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша "жол картасы";

- 2026-2028-жылларда агросанаат комплекси тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша "жол картасы";

- инновациялар, мәмлекетлик хызмет, қаржы, билимлендириў ҳәм суд ҳүжжетлерин мәжбүрий орынлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумлар.