Абырайлы илаж Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги, Туризм комитети, Мәденият
министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм
Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте шөлкемлестирилди.
«Jizzakh Open Air
- 2026» халықаралық туризм фестивалының
тийкарғы мақсети Жиззақ ўәлаятын республикалық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе заманагөй
туризм орайы сыпатында танытыў, аймақтың бай тәбийғый ресурслары, миллий
гастрономиясы ҳәм пляж туризми имканиятларын ғалаба ен жайдырыўдан ибарат.
Соның менен бирге, фестиваль аймақтың экономикалық белсендилигин арттырыў ҳәм
спорт индустриясы менен биргеликте туризмди раўажландырыўға хызмет ететуғын
комплексли жойбар сыпатында әмелге асырылды.
Илаж шеңберинде
Өзбекстанның барлық аймақларының мәдений мийрасы ҳәм гастрономиялық дәстүрлерин
сәўлелендиретуғын көргизбе павильонлары шөлкемлестирилди. Мийманлар елимиздиң
ҳәр бир аймағының өзине тәнлигин сәўлелендиретуғын миллий тағамлар, өнерментшилик
өнимлери ҳәм мәдений бағдарламалар менен танысыў имканиятына ийе болды.
Халықаралық
стандартлар тийкарында шөлкемлестирилген пляж волейболи бойынша Азия чемпионаты
фестивальдың әҳмийетли ўақыяларынан бири болды. Жарыста түрли мәмлекетлерден
келген спорт делегациялары қатнасты. Буннан тысқары, спорт ықласбентлери ушын
мини-футбол, пляж тенниси ҳәм суў спорты түрлери бойынша жарыслар
шөлкемлестирилди.
Мәдений-кеўилашар
бағдарлама фестивальдың ажыралмас бөлегине айланды. Кешки ўақытта мийманлар
ушын эстрада хызметкерлери ҳәм фольклор жәмәәтлериниң концерт бағдарламалары,
жаслар ушын DJ-сетлер ҳәм жарқын шоу-бағдарламалар шөлкемлестирилди.
Соның менен
бирге, жергиликли ҳәм сырт ел туроператорлары, ғалаба хабар қуралларының
ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын арнаўлы мәлимлеме турлары шөлкемлестирилип,
фестивальдың халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятланыўына хызмет етти.
Илаж
қатнасыўшылары ушын ҳәр қыйлы белсенди дем алыў бағдарламасы таярланды. Атап
айтқанда, мийманлар көл үстинен ҳаўа шарында ушыў, квадроцикл, ат ҳәм түйелерге
минип жүриў, парапланеризм, байдаркада жүриў сыяқлы жедел дем алыў түрлеринен
пайдаланыў имканиятына ийе болды.
Фестиваль әжайып
фейерверк пенен жуўмақланды. Мыңлаған қатнасыўшылар жарқын шоулар, музыкалы
шығыўлар ҳәм байрам кейпиятынан заўықланды, усы жылдың ең есте қаларлық
ўақыяларынан бирине гүўа болды.
«Jizzakh Open Air
- 2026» халықаралық туризм фестивалы тек ғана кең көлемли мәдений-спорт илажы
сыпатында емес, ал Өзбекстанның туризм потенциалын көрсетиўдеги ири халықаралық
майдан сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе. Фестивалдың өткерилиўи Жиззақ
ўәлаятының инвестициялық тартымлылығын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў,
хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, ўәлаяттың халықаралық имиджин және де
беккемлеўге хызмет етиўи күтилмекте.