"Жолаўшы тасыў" акционерлик жәмийетиниң атап өтиўинше, ишки
темир жол жөнелислеринде "Ҳаял-қызлар вагоны" хызметинен 946 мыңнан
аслам жолаўшы пайдаланған.
Ҳәзирги ўақытта №1/2 "Алматы-2 - Ташкент" поезды ҳәр күни
қатнайды. Ол Алматыдан саат 19:05 те жолға шығып, Ташкент ўақты менен саат
12:53 те Ташкентке жетип келеди. Қайтыў жөнелисинде поезд Ташкенттен саат 14:41
де жолға шығып, саат 08:51 де Алматыға жетип барады.
Жаңа вагон иске түсирилиўи менен Қазақстанның 14 темир жол жөнелисинде
"Ҳаял-қызлар вагоны" хызмети жолға қойылады.
Бундай вагонларда
үлкенлер менен биргеликте жети жасқа шекемги ер балалардың қатнаўына рухсат
берилген. Билетлер тек ҳаял-қызларға сатылады, жолаўшыларға тек ғана жол
баслаўшылар хызмет көрсетеди.
Билетлерди темир
жол кассаларынан "Ҳаял-қызлар вагоны"н таңлағаныңыз ҳаққында кассирге
мәлим етип, сондай-ақ, "Жолаўшылар тасыў" АЖ рәсмий веб-сайты арқалы
онлайн сатып алыўыңыз мүмкин. Билетти рәсмийлестириўде ҳаял-қызлар вагонындағы
орынды көрсетиўши "ЖН" белгисине итибар қаратыў керек.
Билетлер саўдасы
поезд жолға шығыўынан 45 күн алдын ашылады, бул болса жолаўшыларға поездда
жүриўди алдыннан режелестириў имканиятын береди.